Бул илаж демографиялық процесслерди илимий тийкарда режелестириў, аймақларды, мийнет ресурсларын ҳәм мәмлекеттиң социаллық инфраструктурасын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Халықты дизимге алыў процеси халықаралық стандартлар тийкарында, заманагөй санлы шешимлерди қолланған ҳалда әмелге асырылмақта.

Халықты дизимге алыў усы жылдың 15-январынан 28-февралына шекем еки басқышта өткерилмекте. 15-январьдан 31-январьға шекем даўам ететуғын биринши басқыш шеңберинде пуқаралар арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы дизимге алыўда қатнасыўы мүмкин. Екинши басқышта 4-февральдан 28-февральға шекем "мәҳәлле жетилиги" хызметкерлери үйме-үй жүрип, планшет арқалы сораўнамаларды толтырады.

Онлайн дизимге алыў census.stat.uz порталында OneID системасы арқалы идентификациялаў менен әмелге асырылады. Барлық мағлыўматларды мониторинг етиў геомәлимлеме системасы тийкарында әмелге асырылады. Усы мақсетте республика бойынша 7 миллион 600 мыңнан аслам шаңарақ ҳәм турақ жай объектлериниң геолокациялары қәлиплестирилди, процесслердиң барысын реал ўақыт режиминде бақлап барыў имканиятын беретуғын арнаўлы мониторинг дашбордлары ислеп шығылды.

Пуқаралар тәрепинен берилетуғын барлық мағлыўматлар нызамшылық талапларына муўапық қорғалады, шахсқа байланыслы мағлыўматлар сыр сақланады ҳәм тек ғана статистикалық мақсетлерде пайдаланылады.

Илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын 14 аймақлық, 208 районлық ҳәм қалалық штаблар шөлкемлестирилди. 60 мыңға шамалас хатлаўшы таярланған. Атап айтқанда, процесске 54 мың "мәҳәлле жетилиги", 2 мың 600 резерв хызметкерлери ҳәм 4 мың аймақлық штаб ағзалары тартылған. Сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлардан 480 тренер, жоқары билимлендириў мәкемелеринен 3 мың 200 волонтёр оқытылды.

Халықты хабардар етиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, 110 түсиник видеосүўрети, 600 телевидение сюжети таярланған. Социаллық тармақларда 6 мың 300, халық көп жыйналатуғын орынлар ҳәм жәмийетлик транспортларға 23 мыңнан аслам мәлимлеме материаллары жайластырылған.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытқа шекем арнаўлы портал арқалы 2,48 миллион шаңарақ, сондай-ақ, 31 мың фермер хожалығы ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы хатлаўдан өткерилген.

Мәмлекетимиз басшысы халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын сапалы өткериў, мағлыўматлардың исенимлилигин тәмийинлеў, қарарлар ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде олардан кеңнен пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.