баннер
20 Mar 2025
00:46

    Шахстың разылығысыз оны сүўретке алыў қадаған етилиўи мүмкин

    Енди, улыўма қағыйда сыпатында, ҳәр қандай шахсты фото ямаса видео сүўретке түсириў ямаса усы сүўреттен пайдаланыў ушын оның разылығы талап етиледи.

    Бул бойынша нызам жойбары ислеп шығылған болып, ҳүжжет халықтың пикирин үйрениў мақсетинде жәмийетлик додалаўға жайластырылған.

    Әдиллик министриниң мәлим етиўинше, пуқаралық кодексине бола, шахслардың сүўретке болған ҳуқықы қол қатылмайды. Соған қарамастан, адамлардың бул ҳуқықын тәмийинлеў бағдарында нызамшылықта бослықлар бар.

    Инсанлардың сүўретке болған ҳуқықын беккемлеў мақсетинде министрлик тәрепинен миллий ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм 30 ға шамалас сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси талланып, тийисли нызам жойбары ислеп шығылды ҳәм халықтың пикирин үйрениў мақсетинде жәмийетлик додалаўға жайластырылды.

    Жойбарға бола, енди, улыўма қағыйда сыпатында, ҳәр қандай шахстың фото ямаса видео сүўретке алыў ямаса усы сүўреттен пайдаланыў ушын оның разылығы талап етиледи.

    Соның менен бирге, жойбарда төмендегилер белгиленбекте:

    16 жастан баслап өспиримлер оларды сүўретке алыў, сүўреттен пайдаланыўға өз бетинше разылық бере алады;

    жәмийетлик орынларда ҳәм ғалабалық илажларда сүўретке алыў ушын рухсат талап етилмейди;

    мәмлекетлик хызметкерлерди хызмет ўазыйпасында шеклеўсиз сүўретке алыў ҳәм сүўреттен пайдаланыў мүмкин;

    нызамсыз ҳәрекетлерди сүўретке алыў ушын разылық шәрт емес;

    видеобақлаў системалары ҳаққында ескертиўши белгилер орнатылыўы шәрт;

    адамлардың бираз ямаса толық кийимсиз болыўын талап ететуғын орынларда (медицина бөлмеси, монша, кийим алмастырыў бөлмелери ҳәм басқалар) видеобақлаўды әмелге асырыў қадаған етиледи.

    Егер сүўреттен разылық берилген мақсеттен басқа мақсетте ямаса инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын тәризде пайдаланылса, разылық шақырып алыныўы мүмкин.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech