Миллий гүрес бойынша 80 кг ға шекемги салмақта Темир жол мәкан пуқаралар жыйынынан Полат Данияров биринши орынды ийелеген болса, 80 кг нан жоқары салмақта Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйынынан Меңлибай Тайпов жеңиске ерисип, жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ал шахмат-шашка жарысында өз-ара беллескен 60 жастан жоқары ерлер арасында Мурат Қаленов, 55 жастан жоқары ҳаял-қызлар арасында Мийўагүл Қурбанова 1-орынды ийелеп, кейинги басқышқа жоллама алды.
Жарыс соңында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.









