"Аланьяспор" - "Истанбул Башакшеҳир" - 1:2 (Хадерджанай, 67 - Зелке, 14, Шомуродов, 44П).
Бул ҳаққында "Истанбул Башакшеҳир" клубының рәсмий сайты хабар бермекте.
14-минутта германиялы Деви Зелке марокашлы Амин Ариттың узатпасынан кейин есапты ашты.
44-минутта жарийма майданшасында Аббосбек Файзуллаевқа жол қойылған қолайсызлық ушын төреши пеналти белгиледи. Голды Элдор Шомуродов урды.
67-минутта болса Косово сайланды командасының 31 жаслы футболшысы Флоран Хадерджонай бир голды есапқа алды.
"Истанбул Башакшеҳир" 23-турдан кейин Түркия Суперлигасы кестесинде алтыншы, "Аланьяспор" болса оныншы орында қалмақта. 24-турда Элдор Шомуродов ҳәм Аббосбек Файзуллаевлар командасы 27-февраль күни өз майданында "Коньяспор" менен ойнайды.
Топ урыўшылар арасында "Трабзонспор"дан Пол Онуачу 17 гол менен жетекшилик етип атырған болса, екинши орында 16 голға ийе болған Элдор Шомуродов бар. Үшинши орында "Галатасарой" ўәкили Мауро Икарди 13 гол менен бармақта.
Жигитлеримизге әўмет!