Сичуань провинциясында "Қытайда Өзбекстан туризм жылы" илажлары басланды

    Усы жылы 25-апрельде Қытайдың Сичуань провинциясындағы Лешан қаласында "Қытайда Өзбекстан туризм жылы" илажлары бағдарламасы шеңберинде көргизбелер ҳәм роуд-шоулар басланды.

    XI-Сичуань халықаралық туризм көргизбеси «SCITE»де Туризм комитетиниң делегациясы және Әндижан, Наманган, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының ўәкиллери қатнаспақта.

    Көргизбеде Әндижан, Наманган, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының жаңа туристлик бағдарлары көрсетилмекте. Бул, әлбетте, Өзбекстан аймақларының туристлик потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.

    Буннан тысқары, сапар шеңберинде ХКП Сичуань провинциясы комитети баслығының орынбасары Оуян Цзэхуа менен ушырасыў өткерилди. Тәреплер туристлер ағымын өз-ара көбейтиў, кадрлар таярлаў, сондай-ақ, туризм тараўында регионлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша биргеликтеги илажларды додалады, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.

    28 ҳәм 30-апрель күнлери Чанша (Хунань провинциясы) ҳәм Чунцин қалаларында да туристлик презентациялар болып өтеди.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates