Усыныс етилип атырған шегара өзгерислерине муўапық, Гүлистан районынан
527,23 гектар, Боёвут районынан 582,0 гектар, Боёвут районынан 638,77 гектар
жер майданларын Гүлистан қаласы қурамына, Ширин қаласы қурамына өткериў нәзерде
тутылмақта.
Гүлистан ҳәм Ширин қалалары ўәлаяттың халық тығыз жайласқан аймақлары
болып, олардың шегараларының кеңейиўи қала шеңберинде халықтың тығыз жайласыўын
азайтыў, транспорт қатнаўын жақсылаў, ири жойбарларды әмелге асырыў ушын шараят
жаратыў, сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялардың ағымын көбейтиў имканиятын
береди.
Буннан тысқары, жаңа
санаат зоналары ҳәм технопарклер, жоқары технологиялы кәрханалар
шөлкемлестириў, қурылыс, хызмет көрсетиў ҳәм санаат тараўларында онлаған мың
жаңа жумыс орынларын жаратыў илажларын көриў имканияты жаратылады. Бул
ақыр-аяғында халықтың дәраматын арттырыўға хызмет етеди.
Атап
өтилгениндей, шегараларды өзгертиў мәселеси тийисли мәкан пуқаралар
жыйынларында, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери, сондай-ақ,
халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң мәжилислеринде додаланып, шегаралардың
картографиялық көриниси ҳәм сызығының тәрийпи тастыйықланған.
Додалаў
жуўмағында қарар жойбары депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.