Мине, бүгин сизлер ушын да, биз - устазлар ушын да оғада, толқынландырыўшы, соның менен бирге оғада қуўанышлы күн - "Соңғы қоңыраў" қағылмақта.
Мен сыяқлы ветеран устаз ушын ҳәр сапары бул салтанатлы ҳаўазларды еситиў кеўлимди шексиз мақтаныш ҳәм шүкиршилик сезимлерине толтырады. Сизлердиң жаслық күш-ғайраты менен жанып турған көзлериңизге, келешекке болған үлкен үмит ҳәм исеним менен толы жүзлериңизге қарап, ерксиз өзимниң жаслық жылларымды, дәслепки педагогикалық жумысымды баслаған ўақытларымды еслеймен...
1949-жылы 1-сентябрьде район орайындағы 1-санлы орта мектепке биринши классқа барған едим. Бир айға шекем мектепке жалаң аяқ барғанман. Атам марҳум ҳәр күни дүкәнға барады, бирақ балалар геўиши жоқ. Бир күни мектептен қайтып киятырсам, атам сондай қуўанышлы, "Қызым, мине, дүканымызға да келди" деп қойнынан жаңа геўиш шығарып берген еди. Сол ўақыттағы қуўанышымды өзиңиз көз алдыңызға келтириң.
Бүгин сизлердиң камалға келиўиңизди көрип, кеўлим таўдай көтериледи, шексиз мақтаныш сеземен. Бул қоңыраў сести тек ғана бир оқыў мәўсиминиң жуўмағы емес, ал сиз ушын жаңа, және де жуўапкершиликли, еркин турмыс жолының басланыўы болып есапланады. Бул жол сизлерди жаңа шеклерге, жаңа табысларға басласын!
Есте сақлаң, сизлер азат ҳәм абат, жаңа Өзбекстанымыздың бахытлы әўладысыз. Қараң, бүгин елимиз қандай кең имканиятлар мәканына айланып бармақта. Билимлендириў системасы түп-тийкарынан реформаланып, заман талапларына бейимлестирилмекте. Жаңадан-жаңа, заманагөй үскенеленген мектеплер, дөретиўшилик мектеплери, Президент мектеплери, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери, техникумлар, жоқары оқыў орынлары қурылып атырғаны, оларда сизлердиң пуқта билим алыўыңыз, өз талантыңызды толық көрсетиўиңиз ушын барлық шараятлар жаратылып атырғаны буның айқын дәлили болып есапланады. Аўыллық жерлерде де қаладағыдай имканиятлар жаратылып атырғаны, әсиресе, қуўанышлы. Бул имканиятлардан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыў, берилип атырған билимлерди терең ийелеп, келешекте Ўатанымыздың раўажланыўына, халқымыздың абаданлығына мүнәсип үлес қосыў сизлердиң ең тийкарғы ҳәм мақтанышлы миннетиниз болып табылады.
Мен өмирим даўамында нешше әўлад шәкиртлерге сабақ бердим, олардың биринши қәдемлеринен баслап турмыста өз орнын таўып кеткенше гүўа болдым. Олардың табыслары халқымызға, ўатанымызға пайда келтирип атырғанынан шексиз мақтаныш еттим, ҳәр бириниң табысын өзимниң табысымдай қабыл еттим. Сизлер де биз устазлардың, ата-аналарыңыздың исенимин ақлайтуғыныңызға, билим, әдеп-икрамлылық, мийнет сүйгишлигиңиз бенен ҳәммеге өрнек болатуғыныңызға исенемен.
Себеби, жаслар - елдиң таянышы, миллеттиң үмит шырағы. Сизлердиң терең билимлериңиз, шексиз күш-ғайратыңыз, ўатансүйиўшилик сезимлериңиз бенен жаңа Өзбекстанымыз және де күшли ҳәм қүдиретли мәмлекетке айланады, дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын иелейди.
Әзизлерим! Ўатансүйиўшилик ҳаққында көп айтылады. Бирақ бул сезим қурғақ сөзлерде емес, әмелий жумысларда көриниси керек. Ўатан сүйиўшилик - бул, бәринен бурын, өз ана журтыңды шын жүректен сүйиў, оның бай тарийхын, бийтәкирар мәдениятын, уллы ата-бабаларымыздың мийрасын терең билиў ҳәм қәдирлеў демек. Бул Хорезмий, Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий Ибн Сина, Нажмиддин Кубра, Әмир Темур, Жалалиддин Мангуберди, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы, Заҳриддин Муҳаммед Бабур сыяқлы уллы тулғаларымыз бенен мақтаныў, оларға мүнәсип әўлад болыўға умтылыў болып табылады.
Ўатан сүйиўшилик өз елиниң ҳәр бир қарыс жерин көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, тәбиятына зыян жеткермеў, байлықларын көбейтиўге үлес қосыўдан ибарат. Сиз қайсы тараўды таңламаң, қайсы кәсипти ийелемең, өз жумысыңызды ҳадал, ҳүжданлы, жоқары шеберлик пенен орынласаңыз, мине, усы ҳақыйқый ўатансүйиўшилик болады.
Өмир жолларыңызда бәрқулла шүкиршилик сезими менен жасаўды әдет етиң. Шүкиршилик ҳадал мийнетиңиз, бәрқулла алға умтылыўыңыз, әтирапқа ақыл-парасат пенен мүнәсибет етиўиңиз, жақсылықларға қарай исенимли ҳәрекет етиўиңиз себепли сизге несип ететуғын ең әжайып пазыйлет. Шүкиршилик қаншадан-қанша қыйыншылықларды мәртлерше жеңип өтиў, бәрқулла ҳадал ҳәм пәк болыў, сизге жақсылық тилеўши инсанларды өмир бойы қәдирлеў, әтирапыңыздағыларға бәрқулла шын кеўилден мүнәсибетте болыў зәрүр екенин ҳасла умытпаўыңыз сыяқлы сезимлерди инам етеди.
Бәрқулла елимиздеги тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық сыяқлы бийбаҳа байлықлардың қәдирине жетиң. Булар өз-өзинен болып атырған жоқ, Буның негизинде мәмлекетимиздиң ақылға уғрас сиясаты, халқымыздың аўызбиршилиги жатыр.
Бүгинги күнде дүньяның айырым регионларында жүз берип атырған тынышсызлықлар, келиспеўшиликлер ҳаққында еситкенимизде, оқығанымызда, елимиздеги тыныш ҳәм парахат турмыс қаншелли үлкен бахыт екенин және де терең түсинемиз. Тыныш елде илим алыў да, мийнет етиў де, арзыў-нийетлерге ерисиў де заўықлы болады. Тынышлық бар жерде дөретиўшилик, жаратыўшылық кейпияты ҳүким сүреди, перзентлер бийғубар күледи, аналар тыныш жатады. Ҳәр қыйлы жат идеялар, бузғыншы ағымлардың тәсирине берилмең. Миллий өзлигимизди, дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримизди қәстерлеп сақлаң. Күш-бирликте, аўызбиршиликте, дейди дана халқымыз.
Мектеп партасында сизге берилген билимлер келешектеги табысларыңыз ушын беккем тырнақ болып есапланады. Бирақ умытпаң, бүгинги тез пәт пенен өзгерип атырған дүньяда тек ғана мектеп билимлери менен шекленип қалыў мүмкин емес.
Бүгинги күнде дүнья көлеминде бәсеки оғада күшли, тек ғана терең билимге, жоқары интеллектуаллық потенциалға ҳәм күшли ерк-ықрарға ийе инсанлар ғана турмыста мүнәсип орнын табады, жәмийеттиң раўажланыўына үлкен үлес қоса алады. Жаңа Өзбекстанымызға әйне сизлердей билимли, зийрек, интакер, дүньяқарасы кең ҳәм пидайы жаслар суў ҳәм ҳаўадай зәрүр.
Үлкен өмирге қәдем таслар екенсиз, бәринен бурын, инсаныйлық пазыйлетлерди өзиңизде жәмлең. Ҳадаллық, пәклик, ҳақ сөзлилик, әдиллик, кишипейиллик, мийрим-шәпәәт сыяқлы ийгиликли сезимлер бәрқулла жолдасыңыз болсын. Адамларға жақсылық етиўден, мүтәжлерге жәрдем қолын созыўдан ҳеш қашан шаршамаң.
Сизлерге, әзиз перзентлериме шын жүректен ақ жол тилеймен! Алдыңызда турған үлкен ҳәм жуўапкершиликли өмир жолларыңыз ҳәмийше нурлы ҳәм берекетли болсын. Қайсы тараўды таңласаңыз да сол тараўдың жетик қәнигеси болып жетилисиң. Үлкен үмит пенен ғәрезсиз турмыс босағасында турған ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, таўсылмас күш-ғайрат ҳәм келеси оқыўларыңыз ҳәм жумысларыңызда үлкен табыслар, жеңислер тилеп қаламан. Жолыңыз ашық, аспанымыз ашық, келешегиңиз жарқын болсын!
Анора МАҲМУДОВА,
Өзбекстан Қаҳарманы




