Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы МҚХ Шегара әскерлери қурамындағы әскерий бөлимлерде хызмет етип атырған мүддетли әскерий хызметкерлер ҳәм барлық ўәлаятлардан видеоконференцбайланыс түринде онлайн қатнасып атырған ата-аналар қатнасты.
Ушырасыўда жигитлик миннетин өтеп атырған әскерлер өз ата-аналары ҳәм жақынлары менен реал ўақытта экран арқалы дийдарласыў бахтына миясар болды.
Илаж толқынландырыўшы ҳәм қуўанышлы ўақытларға бай болды. Тоғыз айдан берли жүзлеп шақырым алыста ел қорғаўшысы деген мақтанышлы атаққа мүнәсип уллар қатарында әскерий хызметти өтеп атырған перзентин онлайн болса да, көрип қуўанған аналардың көзлеринде қуўаныш.
Қарақалпақстандағы, Ферғана ҳәм Қашқадәрья ўәлаятындағы әскерлер ата-аналары ҳәм жақынларына әскерий хызметтеги шараятлар ҳаққында айтып, ерисип атырған жетискенликлерин мақтаныш етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.