Тийкарғы қағыйдалар:
егер сиз жумыстан босатылсаңыз - 1 ай ишинде жумыс излеп атырған шахс сыпатында дизимнен өтиң;
3 ай мүддетте жаңа жумыс бериўшини таўып, рәсмий мийнет шәртнамасын дүзиўи керек.
Бул қағыйдаларға әмел етпеў үлкен жәриймалар, нызамсыз статус ҳәм депортация етип жибериўге себеп болыўы мүмкин.
Миграция хызмети менен дүзилген шәртнамаға муўапық: "Жумыс орнынан келисимсиз шықпаў" - мәжбүрий талап. Ҳуқықбузарлық жазаға тартылады. Мәселен, 2025-жылы 20 пуқараға үш тәреплеме шәртнаманы бузғаны ушын 660 миллион сум муғдарында жәрийма салынған.
Сырт елге шығарылғанлар мәмлекет тәрепинен берилген барлық жеңилликлерди қайтарыўы шәрт ҳәм 1 жыл даўамында сырт елге рәсмий шығып кете алмайды.
SPAS базасында дизимнен өткенлер ушын:
егер сизде рәсмий шәртнама болса - сиз жумыс бериўши тәрепинен нызамлы түрде таңланғансыз. "Танлаўда жәрдем бериў" ушын пул төлеўди талап етиў - алдаўшылық. Бирден 1282 номерине хабар бериң.
Кореядағы миграция агентлигиниң байланыслары:
Сеул, Чунг-гу, Чангчунгдан-ро, 213, 1003.
Телефонлар: +82222851341, +82222851343, +821039871661
Электрон почта: info@migration.uz








