ИРИ делегациясына сыртқы ислер министри Аббос Аракчи, АҚШ делегациясына болса АҚШ президентиниң арнаўлы ўәкили Стив Уиткофф басшылық етпекте.

Тәреплер 2025-жыл июнь айында Иран-Израиль келиспеўшилигинен кейин биринши мәрте ушырасты. Бул ўақытқа шекем Тегеран ҳәм Вашингтон мәсләҳәтлесиўлердиң бес раундын өткерди.

Пийшемби күни иранлы дерек РИА Новостиге сөйлесиўлер тиккелей болмайтуғынын, бирақ табыс болса, тиккелей болыўы мүмкин екенин айтты.

мәмлекетлер арасындағы қатнасықлардың кескинлесиўи

Өткен жума күни Ақ үй басшысы Дональд Трамп АҚШ Иранға Венесуэла жағаларына салыстырғанда күшлирек кемелер армадасын жиберип атырғанын мәлим етти. Оның сөзлерине бола, республика ҳәкимияты ядро бағдарламасы бойынша келисим дүзиўди қәлейди ҳәм буның ушын соңғы мүддет бар-жоқлығын тек ғана олар биледи.

New York Timesтың жазыўынша, Вашингтон Тегераннан жойбарды тоқтатыў бойынша қосымша қәдемлер, соның ишинде, уранды байытыўдан пүткиллей ўаз кешиў ҳәм баллистикалық ракеталар ислеп шығарыўды шеклеўди талап етеди.

Өз гезегинде, Иран ҳәкимияты теңлик ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплери тийкарында ядро темасы бойынша сөйлесиўди қайта тиклеўге шақырды.

NYT тың хабар бериўинше, сөйлесиўлер нәтийжесиз болған жағдайда АҚШ ядро ҳәм ракета объектлерине соққы бериў, мәмлекет басшылығын әззилетиўге қаратылған операциялар, сондай-ақ, Америка күшлериниң Иран аймағына рейдлер өткериўи мүмкинлигине жол қоймақта. Дереклердиң анықлаўынша, Трамп ҳәзирше операцияға рухсат бермеген ҳәм усыныс етилген вариантлардан соңғысын таңламаған.

Тегеран АҚШтың ҳәр қандай, ҳәттеки шекленген тәриздеги ҳүжимге урыныўына жуўап бериўге таяр екенин билдирди: Иран ракеталарының узақлығы региондағы Америка базаларына жетип барыўы ушын жетеди, деп жазбақта ria.ru.