Мәресимде Халықаралық дзюдо федерациясының жуўапкерлери, Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икрамов, Өзбекстан Миллий олимпия комитети Бас хаткери Ойбек Касимов ҳәм Өзбекстан дзюдо федерациясының баслығы Азизжон Камилов қатнасты.
Жуўапкерлер өзлериниң шығып сөйлеўлеринде мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған чемпионатқа үлкен таярлық жумыслары алып барылғаны, барлық қатнасыўшылар ҳәм мийманлар ушын зәрүр шараятлар жаратылғанын атап өтти.
Соңғы мағлыўматларға бола, жәҳән чемпионы атағы ушын 78 мәмлекеттен 574 спортшы гүреседи. Шек таслаў нәтийжелери менен силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин.