Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Россия Президентиниң Нижний Новгород ўәлаятындағы резиденциясына ҳүжимге урыныўды қатаң қаралады.
Бундай ҳәрекетлер, соның ишинде, узақ мүддетли тынышлыққа ерисиўге қаратылған ҳәрекетлер шеңберинде турақлылық ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдырып атырғаны атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин додалады.
Сөйлесиў соңында жетекшилер кирип киятырған Жаңа - 2026-жыл менен бир-бирин қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дос халықларымызға тынышлық-татыўлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.