Президентимиз 2025-жыл 8-май күни "Майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына қол қойған еди. Усы ҳүжжет тийкарында "Алкен тижорат" ЖШЖ баслығы Азизбек Кенжаев сөйлеў ҳәм еситиўде нуқсаны болған 20 шахсты кәрханаға жумысқа алмақшы.

- Майыплығы бар, өнерсиз адамды бирден станоклар менен жалғыз қалдырыўға болмайды. Сонлықтан, ҳәзир бул пуқаралар кәрханада өнер үйренип, жумыс процесине бейимлеспекте, - дейди Төрткүл районы "Инсан" социаллық хызметлер орайы бөлим баслығы Азамат Сапаев. - Олар мебель ислеп шығарыў технологиялары бойынша оқытылмақта. Көнликпеге ийе болғанлар басқышпа-басқыш жумысқа тартылмақта.

Президентимиздиң 2025-жыл 3-февральдағы "Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары социаллық жәрдемге мүтәж балалар ҳәм олардың ата-аналары ушын жақсы имканият болды. Атап айтқанда, 2025-жыл 1-июльде Төрткүл районында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жумыс алып барып атырған "Мунира-Моҳира" бақшасында күндизги тәрбия хызмети шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирги ўақытта 3 жастан 18 жасқа шекемги 9 бала күндизги тәрбия хызмети менен қамтып алынған.

2025-жыл 1-июльден районда басқалардың күтимине мүтәж шахслар ушын ваучер тийкарында жаңа түрдеги 5 хызмет түри енгизилген. Яғный, үш исбилермен өзгелердиң күтимине мүтәж 92 адамға үйде қараў, медициналық реабилитация, күндизги қараў ҳәм жеке жәрдемши хызметлерин көрсетпекте.

- Тийкарғы мақсетимиз майыплығы болған шахсларды тек ғана материаллық қоллап-қуўатлаў емес, ал жәмийетте өз орнын табыўына жәрдемлесиў болып табылады, -дейди районлық "Инсан" социаллық хызметлер орайының ўәкили Азамат Сапаев. - Булар социаллық қорғаў нәтийжелилигин арттырып, халықты мәнзилли қоллап-қуўатлаўға хызмет етпекте.

Ҳәзир социаллық қорғаўға мүтәж шахслар аўыр турмыслық жағдайға ямаса кәмбағаллыққа түсип қалыўының алдын алыў ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде жаңа система енгизилмекте. Яғный, мәмлекет тәмийнатындағы, кәмбағал ҳәм аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған шаңарақларды анықлаў және оларға бирден-бир тәртип тийкарында социаллық хызмет, жәрдем ҳәм жеңилликлер усыныў системасы иске қосылады. Сондай-ақ, социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары шаңарақтың социаллық-экономикалық жағдайына сәйкес түрде белгиленеди.

- 2026-жыл 1-февральдан баслап Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестри тийкарында бирден-бир Социаллық реестр жүргизилмекте. Ол "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында қәлиплестирилип, мәмлекетлик социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары усынылатуғын шаңарақлар ҳәм шахсларды анықлаў, олардың социаллық-экономикалық жағдайын баҳалаўға хызмет етеди, - дейди Әмиўдәрья районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы Умида Сафарбаева. - Социаллық реестрде шаңарақлар "мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ", "кәмбағал шаңарақ" ҳәм "кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ" категорияларына ажыратылады. Бунда шаңарақтың дәраматы, мийнетке уқыплы ямаса уқыпсыз ағзаларының бар екенлиги сыяқлы нормалар тийкар етип алынады. "Кәмбағал шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақлардың ағзалары ҳәм I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлер көрсетилгенде 50 процент, "мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақлардың ағзаларына болса 75 процент муғдарында шегирме қолланылады.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы