Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақстаннан жәми 13 спортшы қатнасып, 4 алтын, 1 гүмис, 3 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Спортшыларымыз Нөкис темир жол вокзалында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги жәмәәти, тренер-устазлары, ата-аналары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен салтанатлы күтип алынды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.