Бул ҳаққында АҚШ Қаржы министрлиги мәлим етти, деп жазбақта Report.
"2026-жыл 12-марттағы жағдай бойынша кемелерге жүкленген, келип шығыўы Россиядан болған шийки зат нефть ҳәм нефть өнимлерин жеткерип бериў және сатыўға рухсат бериўши 134-бас лицензия", делинеди ҳүжжетте.
Лицензия 12-марттан 12-апрельге шекем әмел етеди.
Өз гезегинде, АҚШ қаржы министри Скотт Бессенттиң атап өтиўинше, сатыўға рухсат бериў тек ғана "әллеқашан жолда болған" нефтьке тийисли. Берилген лицензиядан мақсет - ҳәзирги жанылғы жеткерип бериўдиң глобал көлемин арттырыў. "Бул тар мақсеттеги қысқа мүддетли илаж Россия ҳүкиметине айтарлықтай финанслық пайда келтирмейди", деп қосымша еткен Бессент Х социаллық тармағында.
Еслетип өтемиз, буннан алдын 5-март күни АҚШ Ҳиндстанға Россия нефтин сатып алыў ушын 30 күнлик лицензия берген еди.