Тийисли баянат 22-январь, пийшемби күни АҚШ Денсаўлықты сақлаў ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлигиниң веб-сайтында жәрияланды. Bloomberg ҳәм Reuters хабарларына бола, АҚШ ҳүкимети шөлкемге дерлик 260 миллион доллар қарызын төлемеген. АР агентлиги қарыздың муғдарын 130 миллион доллардан артық, деп баҳаламақта.
Атап айтқанда, АҚШ тәрепи ЖДСШдан шығыўын "Шөлкемниң Қытайдың Ухан қаласында басланған COVID-19 пандемиясына жетерли дәрежеде реакция көрсете алмағаны, қыстаўлы зәрүр реформаларды әмелге асыра алмағаны ҳәм ЖДСШ ағза мәмлекетлериниң артықша сиясий тәсиринен ғәрезсизлигин көрсете алмағаны" менен түсиндирди, деп хабар берди dw.com.
АҚШ Президенти Дональд Трамп мәмлекеттиң ЖДСШдан шығыў нийетин жәриялаўшы пәрманға 2025-жыл 20-январьда - Ақ үйге қайтқанынан кейинги биринши күни қол қойды. Reuters ҳәм Bloomberg агентликлери шөлкемнен шығыўдың бир жылдан кейин жуўмақланыўын АҚШ нызамлы талаплары менен байланыстырмақта: бундай режелер ҳаққында 12 ай алдын хабар берилиўи керек. Агентликлердиң атап өтиўинше, нызам төленбеген барлық төлемлерди де төлеўди талап етеди.