"Самарқанд - 2025" IV халықаралық мүсиншилик симпозиумына старт берилди

    11 қараша 2025 364

    Усы жылдың 24-ноябрь - 5-декабрь күнлери Самарқанд қаласында Жоғалып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлери менен халықаралық саўда ҳаққындағы конвенция (CITES COP20) тәреплериниң 20-конференциясы болып өтеди.

    Усы ири халықаралық форум алдынан Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен Өзбекстан Художниклер аўқамы менен биргеликте "Самарқанд - 2025" IV халықаралық мүсиншилик симпозиумы шөлкемлестирилди.

    Усы мүнәсибет пенен Самарқандтағы "Жәннет мәкан" бағы дүньяның барлық көркем өнер шеберлери ушын есиклерди ашты. Ол бир ай даўамында ашық аспан астындағы дөретиўшилик майданшасына айланып, қала халқы ҳәм мийманлары Япония, Уллы Британия, Қытай, Иран, Түркия, Ҳиндстан, Грузия, Оман ҳәм Өзбекстаннан келген мүсиншилердиң жумысын бақлай алады.

    Жойбар "Бизиң планетамыз - бизиң үйимиз" сүрени астында өткерилип, экология ҳәм тәбиятты қорғаў мәселелерине бағышланған. Тийкарғы итибар әҳмийетли экологиялық машқалаларға, қоршаған орталықты сақлаў ҳәм турақлы келешекти қәлиплестириўде инсанның ролине қаратылған.

    Симпозиум шеңберинде көркем өнер билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын профессионал мүсиншилердиң шеберлик сабақлары, тематикалық презентациялар, экология ҳәм көркем өнер шеңберинде дөгерек сәўбетлери, Самарқанд ҳәм Бухараның тарийхый естеликлерине саяхатлар шөлкемлестирилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates