Стратегикалық жол нәтийжеси

    Пикир 19 желтоқсан 2025 67

    Қарақалпақстанлы исбилерменлерге берилген имканиятлар өзин ақламақта

    Аралбойы аймағына берилип атырған айрықша итибар себепли Қарақалпақстан түп-тийкарынан өзгерди. Кең көлемли дөретиўшилик ҳәм қурылыс жумысларының нәтийжесин ҳәр бир инсан өз турмысында сезинбекте. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында қарақалпақстанлыларға айрықша жеңилликлер берилди. Бул имканияттан нәтийжели пайдаланып атырған исбилерменлер аймақларда өндиристи раўажландырмақта.

    Ҳаслы хорезмли Ҳамидбек Қосимов дәслеп ағасының кәрханасында ис басқарыўшысы болып ислеген еди. 2017-жылы “Осиё ёғдуси” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашып, исбилерменлик пенен шуғылланыўды баслады.

    - 2019-жылы инвестиция киргизиў шәрти менен Нөкис районы "Саманбай" АПЖдағы бос турған Қаттыағар МТП устаханасын жәмийет балансына алдым, - дейди Ҳамидбек Қосимов. - Соң кәрханамызға Ташкент қаласынан тараўда үлкен тәжирийбеге ийе қәнигелерди алып келдик. Олар тараўға қызығатуғын жасларды оқытты, жумысқа үйретти. Ҳәзир сырт ел технологиясы тийкарында он бир түрдеги кондитер өнимлерин ислеп шығарып атырмыз. Оларды Нөкис ҳәм Ақмаңғыт дийқан базарларында сатып атырмыз.

    Кәрхана аймақта жасайтуғын 9 жасты жумыслы еткен. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин. Себеби, Қарақалпақстанда исбилерменлик ушын берилген айрықша жеңилликлер тараўда жүдә үлкен унамлы өзгерислерди баслап берди.

    Қарақалпақстан қуяшлы күнлериниң көплиги себепли таза энергия ислеп шығарыў ушын идеал аймақ. Тәбияттың мине усы саўғасынан нәтийжели пайдаланыў басланды. Атап айтқанда, "Нөкис Электроаппарат" заводында жылына 150 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллери ислеп шығарылмақта. Ҳәзирги ўақытта кәрханада 30 дан аслам қәниге жумыс ислемекте. Жақын келешекте олардың саны 150 ге жетеди. Итибарлы тәрепи, бул кәрхана Өзбекстанда биринши болып қуяш панеллерин ислеп шығарыўды баслаған.

    2024-жыл 19-август қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын тарийхый сәне болды. Сонда Президентимиздиң басшылығында исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилген еди. Қарақалпақстанға болған айрықша итибар, исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы реформалар бүгин әмелде нәтийже бере баслады. Мәмлекет басшысының исенимин сезген жергиликли исбилерменлер өз идеясын биймәлел әмелге асырыўға, жаңа өнимлер, брендлер жаратыўға кирискен.

    Усы арқалы бурын Қарақалпақстанда болмаған жаңа жөнелислер пайда болып атыр. Мәселен, биринши мәрте Нөкис қаласында заманагөй стандартларға жуўап беретуғын “Monte” музқаймақ ислеп шығарыў кәрханасы жумыс баслады. “Yuventa Nukus” жуўапкершилиги шекленген жәмийети усы жойбар тийкарында 40 қа шамалас жумыс орнын жаратып, базарымызды сапалы сүт өнимлери менен тәмийинлемекте.

    Нөкис қаласында хызмет көрсетиў тараўын жаңа басқышқа алып шығатуғын және бир ири жойбар “Karakalpak Palace Premium” мийманханасы болып есапланады. Бул Қарақалпақстандағы биринши бес жулдызлы мийманхана есапланады. Ол тек ўатанласларымыз емес, ал сырт елли туристлер ҳәм инвесторлар ушын да жоқары дәрежедеги хызметти усынбақта.

    Ири сервис жойбарларынан және бири "Экобозор" комплекси болып, ол 3 гектар майданға қурылды. Бул базарда 148 саўда орны шөлкемлестирилиўи белгиленген болып, 130 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылған. Онда 225 адам турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленбекте. Халқымыз ел абаданлығын билиў ушын базарын барып көр, дейди. Усы мәниде, "Экобозор" Қарақалпақстанның абатлығы, абаданлығының тымсалына айланды, десек қәте болмайды. Буны бир мәрте болса да базар қатарлары арасынан өткен адам жақсы сезеди.

    “Long Water” ЖШЖ сырт елден 1,5 миллион доллар муғдарында инвестиция киргизиў есабынан "ШЫЛПЫҚ" брендине тийкар салды. Нәтийжеде 50 ге шамалас жумыс орны жаратылды. Усы жойбар тийкарында базарға қадақланған сапалы суў жеткерип берилмекте.

    Халықты исбилерменликке тартыў, бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 2023-2025-жылларда жәми 134 мың пуқараға 2 триллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылған. Соның есабынан мәҳәллелерде 11 мыңнан аслам микрожойбар иске қосылды. Нәтийжеде 23 мыңға шамалас пуқараның дәраматы артты. Қалаберди, 3,5 мыңға шамалас шаңараққа жылына 60-70 миллион сумлық дәрамат келтиретуғын баҳасы 82,7 миллиард сумлық "Жойбарлар пакети" усыныс етилген.

    Усы жерде исбилерменлердиң соңғы жылларда әмелге асырып атырған ири жойбарлары ҳаққында сөз етпесек болмайды. Нөкис қаласында базальт минералынан жыллылық сақлаўшы материаллар ислеп шығаратуғын баҳасы 692 миллиард сумлық, пахта ҳәм жасалма талшықтан ийирилген жип ислеп шығаратуғын баҳасы 585 миллиард сумлық кәрханалар иске қосылды. Қараөзектеги "Қарақалпақ цемент" кәрханасында қуўатлылықты кеңейтиў илажлары көрилди. Оның ушын 645 миллиард сумлық жумыс орынланды. Нәтийжеде кәрхана жылына 1 миллион тонна сапалы цемент таярлаў имканиятына ийе болды.

    Қоңыратта натрий сульфат ислеп шығарыў кәрханасы, Қараөзекте алтын қазып алыў, Хожелиде нефтти қайта ислеў, Төрткүлде полиэтилен тор ислеп шығарыў кәрханалары иске түсти. Қоңыратта баҳасы 3 миллион долларлық Халықаралық логистика орайы ашылған. Нәтийжеде бүгинги күнде мыңлаған адам жумыс пенен тәмийинленди.

    Исбилерменлер социаллық тараў объектлериниң қурылысына инвестиция киргизиўи нәтийжесинде өткен 3 жыл ишинде 98 жеке меншик медицина клиникасы ҳәм 5 жеке меншик мектеп шөлкемлестирилди. Нөкис қаласында "Бобур мед" көп тармақлы жеке меншик клиникасында Қарақалпақстанда биринши мәрте туўыў бөлими ашылды.

    Бул ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында Президентимиз 2025-жыл 3-ноябрьде "Қарақалпақстан Республикасында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан Жаслар социаллық-экономикалық орайын қурыў илажлары ҳаққында"ғы қарарды қабыл етти. Усы қарар тийкарында Хожели районындағы 152 гектар жерде Жаслар социаллық-экономикалық орайы қурылмақта. Орай ушын 2026-2030-жылларда 400 миллион доллар сырт ел инвестициясы киргизилиўи күтилмекте. Сондай-ақ, қарар тийкарында орайдың инфраструктурасы ушын республикалық бюджет қаржылары есабынан 10 жыл мүддетке 1 триллион сум муғдарында бюджет ссудасы ажыратылмақта.

    Нөкис қаласында сырт ел инвесторлары баҳасы 40 миллион доллар болған, 250 орынлық балалар медицина кластери, Кегейлиде LDSP өнимлерин ислеп шығарыў, Тахтакөпирде көп тармақлы шарўашылық, сүт, жүн ҳәм ун өнимлерин қайта ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, Кегейли ҳәм Нөкис районларында қусшылық комплекслери шөлкемлестирилмекте.

    Және бир жақсы жаңалық. Нөкис қаласында сырт ел кәрханасы тәрепинен баҳасы 8 миллион долларлық былғары өнимлер ҳәм аяқ-кийим ислеп шығарыў жойбары жолға қойылды. Итибарлы тәрепи, бүгин бул кәрхана “Ferrari” бренди автомобиллерине былғары өнимлер жеткерип бермекте. Бул өнимлеримиз жәҳән базарында мүнәсип орын ийелеп атырғанын көрсетеди.

    Әлбетте, булардың барлығы исбилерменлерге итибардың нәтийжеси болып есапланады. Себеби, соңғы жыллары сырт ел инвесторларын тартыў бойынша жаратылып атырған қолайлықлар нәтийжесинде Қарақалпақстанның сыртқы саўда айланысы өткен 3 жылда 1 миллиард 602 миллион долларға жетти.

    Келешектеги режелер болса буннан да жоқары. Атап айтқанда, Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў ушын сырт елден 150-200 миллион доллар тартыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде 2025-2026-жылларда сырт мәмлекетлерден 1200 бас ири қарамал, Монголиядан 10 мың бас майда қарамал алып келинеди. Қалаберди, таў ҳәм дәрья бойы аймақларында жаңа туристлик бағдарлар ашылады. Соның ишинде, Хожелидеги Миздақхан комплекси, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрьядағы Шайх Жалил баба зыярат етиў орынлары, "Әмиўдәрья-Қаратаў" дем алыў комплекслери зәрүр инфраструктура менен тәмийинленеди. Буның ушын 25 миллиард сум ажыратыў белгиленген.

    Президентимиз "Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў - бул бизиң стратегиялық жолымыз! Исбилерменлик қаншелли тез раўажланса, мәмлекетимиз соншелли қүдиретли болады, халқымыз соншелли абадан жасайды", деген еди. Буның қаншелли турмыслық ҳақыйқат екенлигин бүгин Қарақалпақстанда бой көрсетип атырған өзгерислер мысалында көрип турмыз.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates