Буннан 7-8 жыл бурын елимизде жоқары билимлендириў мәкемелери санаўлы болғаны, бары да мәмлекетке қараслы болғаны, жеке меншик ЖООлар жоқлығы себепли студент болыў оғада қыйын, билимлендириў бағдарындағы бир орынға кеминде 30 ға шекем талабан туўра келетуғын еди. Нәтийжеде көпшилик жаслар басқа мәмлекетлердеги оқытыў сапасы кепилленбеген ЖООларға ҳүжжет тапсыратуғын, салмақлы қаржы сырт елге шығып кететуғын еди.
Бүгинги күнде елимизде 200 ден аслам мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелери жумыс алып бармақта. Ҳәзир оларға оқыўға кириў ықтыярлы ҳәм оғада аңсат. Бирақ, соған сәйкес түрде билимлендириўдиң сапасына итибар да артып бармақта.
Соның ишинде, Министрлер Кабинетиниң быйыл 10-марттағы "Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды усыныў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары да жоқары оқыў орынларында оқытыў сапасын жақсылаў ҳәм жәмийетте социаллық белсенди жаслар қатламын пайда етиўге қаратылған. Енди мәмлекетлик грант ҳәм стипендиялар ҳәр оқыў жылында айланыс түринде, мүнәсип студенттиң өзлестириўине қарап белгиленеди. Ал, буның тәртиби қандай?
Қарар менен тастыйықланған реже билимлендириў грантларын екинши ҳәм оннан кейинги курсларда жоқары академиялық өзлестириў көрсеткишине ерискен ҳәм Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған социаллық белсенди студентлер арасында жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен дифференцияласқан тәризде қайта бөлистириў ҳәм қосымша грант бериў тәртибин белгилейди.
Итибарыңызды оның мәнисин сәўлелендиретуғын, процесслерди ҳәрекетке келтиретуғын төмендеги механизмлерге қаратпақшымыз.
Билимлендириў грантының базалық саны - жоқары билимлендириў шөлкеминиң тийисли бакалавриат бағдарына (магистратура қәнигелигине) кириў имтиханлары нәтийжесине бола мәмлекетлик грант тийкарында 1-курсқа студентликке усыныс етилген абитуриентлер санына тең грант орны;
Билимлендириў грантына талабан - жоқары билимлендириў шөлкеминиң билимлендириў гранты ажыратылған бакалавриат бағдары (магистратура қәнигелиги) бойынша екинши ҳәм оннан кейинги курсларда оқып атырған, билимлендириў грантын қайта бөлистириўде қатнасыў тилегин билдирген студент;
Толық билимлендириў гранты - бир оқыў жылы ушын берилип, оқытыў қәрежети мәмлекетлик бюджеттен толық қаплап берилетуғын ҳәм улыўма тәртиптеги стипендия менен тәмийинленетуғын билимлендириў гранты;
Толық болмаған билимлендириў гранты - бир оқыў жылы ушын берилип, төлем-шартнама суммасының 50 проценти мәмлекетлик бюджеттен қаплап берилетуғын ҳәм улыўма тәртиптеги стипендия менен тәмийинленбейтуғын тәлим гранты;
GPA (Grade Point Average) - билим алыўшының бағдарлама бойынша өзлестирген балларының орташа мәниси;
Қосымша мәмлекетлик грант - жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриат бағдарларында белгили бир оқыў жылы жуўмағы бойынша GPA көрсеткиши 4 ҳәм оннан жоқары болған, Социаллық қорғаў миллий агентлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен белгиленетуғын категориядағы студентлердиң гезектеги оқыў жылы ушын оқытыў қәрежети мәмлекетлик бюджеттен толық қаплап берилетуғын ҳәм улыўма тәртиптеги стипендия менен тәмийинленетуғын грант;
Жоқары билимлендириў шөлкеми гранты - финанслық еркинлик берилген жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен оларда бакалавриат бағдарлары бойынша билим алыўшы белгиленген категориядағы студентлердиң GPA көрсеткиши 3,3 ден 4 ке шекем болғанда, олардың гезектеги оқыў жылы ушын белгиленген төлемли-шәртнама суммасының 20 проценттен 80 процентке шекемги бөлегин усы жоқары билимлендириў шөлкеминиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қапланатуғын грант.
Студентлердиң өзлестириў көрсеткиши Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң HEMIS - Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестириледи. Бунда студентлердиң GPA көрсеткиши жүзден бир үлеслерде есапланады.
Академиялық өзлестириў көрсеткишин анықлаў бойынша комиссия грантқа талабанлардың өзлестириў көрсеткишин есаплап шығып, сәйкес түрде 80 баллық өлшемде баҳалайды ҳәм тийисли баянлама менен рәсмийлестиреди. Бунда студентлердиң академиялық өзлестириў көрсеткиши студентлердиң GPA көрсеткишин "16" санына көбейтиў арқалы анықланады. Не ушын "16"? Студенттиң академиялық өзлестириў көрсеткишин анықлаўда ең жоқары өзлестирилиўи мүмкин болған GPA - 5 балл. Қарар нызамына муўапық 80 балл 5 ке бөлинсе, 16 саны келип шығады.
Биринши басқышта студенттиң академиялық өзлестириў көрсеткиши (80 балл) билим алыўшының бағдарлама бойынша өзлестирген балларының орташа мәниси (16 сан) ға көбейтиледи.
Екинши басқышқа бола, қарар режесиниң 2-қосымшасында студенттиң социаллық белсендилиги ушын 20 балл ажыратылған. Хош, 20 балл қай жерден пайда болды, деген сораў туўылады. Не ушын социаллық белсендилик ушын 20 балл? Жоқарыда атап өтилгениндей, студенттиң академиялық өзлестириўи улыўма 100 баллдан 80 баллға шекем баҳаланады. Қалған 20 балл 100 баллды билим алыўшының бағдарлама бойынша ең жоқары көрсеткиши - 5 баллға бөлиў арқалы пайда болады.
Мәселен, студенттиң академиялық өзлестириў көрсеткиши, яғный GPA 5 балл болса, нәтийже - 5х16=80. Егер GPA 4,20 болса, нәтийжеси - 4,20х16=67,2 келип шиғады. Студенттиң социаллық белсендилик көрсеткиши - ең жоқары балл 20 болса, буның нәтийжеси - 20:5=4. Ямаса талабан социаллық белсендиликте өзлестирген балл 18 болса, 18:5=3,6 болады.
Социаллық белсендилик дегенимиз не? Ол қалай баҳаланады? Бул сораў бүгин көплеген студентлерди қызықтырмақта. Министрлер Кабинети қарары менен тастыйықланған режесинде келтирилгениндей социаллық белсендилик ушын 100 балл бериледи. Бунда студенттиң китапқумарлық мәденияты - 20 балл, "5 әҳмийетли баслама" шеңбериндеги дөгереклердеги белсенди қатнасыўы - 20 балл, академиялық өзлестириўи - 10 балл, университеттиң ишки тәртип-қағыйдалары ҳәм әдеп-икрамлылық кодексине әмел етиўи 5 балл системасында баҳаланады. Сондай-ақ, халықаралық, республикалық, ўәлаят көлеминдеги таңлаў, пән олимпиадалары ҳәм спорт жарысларында ерискен нәтийжелери - 10 балл, сабақларға толық ҳәм кешикпей келиўи - 5 балл, "Ағартыўшылық сабақлары"нда белсене қатнасыўы - 10 балл, волонтёрлық ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги - 5 балл, театр ҳәм музей, қыябан, тарийхый зыярат етиў орынларына барыўы - 5 балл, спорт пенен шуғылланыўы ҳәм саламат турмыс тәризине әмел етиўи - 5 балл және руўхый-ағартыўшылық тараўға байланыслы басқа да бағдарлардағы белсендилиги ушын 5 балл берилетуғыны белгиленген.
Режеге бола, бакалавриат бағдары бойынша билим алып атырған, белгиленген категориядағы студентлердиң GPA көрсеткиши 3,3 ден 4 ке шекем болса, олардың гезектеги оқыў жылы ушын белгиленген төлемли-шәртнама суммасының 20 проценттен 80 процентке шекемги бөлеги финанслық еркинлик берилген ЖООлардың бюджеттен тысқары қаржысы есабынан қапланады.
Барлық жоқары билимлендириў мәкемелери студенттиң социаллық белсендилик көрсеткишин жәмәәтлик келисилген ҳалда әмелиятта қолланады. Бунда студенттиң мәнзилли ҳәм ҳәрекетлерин дурыс бағдарлаўы ушын мәкемелер басшылары тәрепинен пуқта ойланған бағдарлама ислеп шығылыўы мақсетке муўапық.
Азизбек ОМОНОВ,
доцент