Нызамға киргизилген қосымшаларға бола, қарыздар орынлаў иси бойынша кепиллик қаржыларын киргизиў ҳуқықына ийе.
Қарыздар тәрепинен оған байланыслы мүлклик характердеги суд ҳүжжети бойынша миннетлемелердиң орынланыўын мәжбүрий орынлаў уйымының депозит есап бетине толық ямаса бир бөлегин пул өткериў жолы менен тәмийинлеўден ибарат.
Кепиллик қаржыларын киргизиў орынлаў исин жүргизиўди тоқтатып турыў, қарыздарға ҳәм оның мал-мүлкине белгиленген шеклеўлерди бийкар етиў ушын тийкар болады.
Кепиллик қаржыларын киргизиў төмендеги жағдайларда қолланылады:
- орынлаў ҳүжжетин бериў ушын тийкар болған суд ҳүжжети үстинен берилген шағым ямаса келтирилген протест суд тәрепинен қабыл етилгенде;
- мәмлекетлик орынлаўшының ҳәрекети (қарары) үстинен шағым етилгенде.
Кепиллик қаржылары төмендеги жағдайларда 3 күнлик мүддетте қайтарылады:
- орынлаў ҳүжжетин бериў ушын тийкар болған суд ҳүжжети бийкар етилгенде;
- орынлаў ҳүжжети әмелде орынланғанда.