"Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-250-санлы, 15.08.2025-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламасын әмелге асырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
ирригация тармақларының 2 551 км бөлегин реконструкциялаў, усы мақсетлер ушын ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен кеминде 1,3 триллион сум ажыратыў ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржыларынан 300 миллион АҚШ долларын өзлестириў;
суў тәмийнаты дәрежеси төмен болған суўғарылатуғын майданлар көлемин 424 мың гектардан 276 мың гектарға шекем қысқартыў.
Қарар менен Суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қорғаў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық суў кеңесиниң қурамы тастыйықланды.
Буннан тысқары, Қарарға бола, 2025-жылдың ақырына шекем белгиленген 15 насос станциясына альтернатив энергия дәреклери (қуяш панеллери) ҳәм энергия үнемлеўши қурылмаларды орнатыў жойбары әмелге асырылады.









