"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, екшемби күни ҳаўа-райы тийкарынан жаўын-шашынсыз болады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5° жыллы, күндиз 10-15° жыллы болады.

Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, 6-8-февральда айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

Таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Қар көшиўи қәўипли.

Ташкентте: дем алыс күнлери жаўын-шашын болыўы күтилмейди, ертең түнги ҳәм азанғы ўақытлары думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

Ҳаўаның температурасы түнде - 1° суўық - 1° жыллы, күндиз - 9-11° жыллы, екшемби күни түнде - 1-3° жыллы, күндиз - 13-15° жыллы.