Атап өтилиўинше, микст бағдарламасында болып өткен беллесиўлерде жерлеслеримиз 1-сайланды командасы ушын табыслы өтти. Микст бағдарламасында болып өткен беллесиўлерде жерлеслеримиз 1 алтын ҳәм 1 бронза медалына ийе болды.
Диёрбек Тохлибоев, Шуҳрат Салаев, Шаббона Абдувалиева ҳәм Светлана Осиповадан ибарат тийкарғы командамыз сайлап алыў басқышларында Индонезия ҳәм Монголия, финалда болса Қазақстан ўәкиллерин жеңип, алтын медалға ийе болды.
Озодбек Мамадалиев, Ёдгор Жўрабоев, Севинч Ҳайдарова ҳәм Озода Собиржоновадан ибарат екинши командамыз болса Сингапур ҳәм Корея Республикасын жеңип, ярым финалда Қазақстанға имканиятты қолдан берди. Үшинши орын ушын беллесиўде Марокаш үстинен ерисилген жеңис бул командамыздың да минберге көтерилиўин тәмийинледи.
Усы тәризде, жерлеслеримиздиң жарыста қолға киргизген медаллары 2 алтын ҳәм 1 бронзаға жетти. Ертең жекелик беллесиўлерде жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланады.








