Елимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Жаңа Өзбекстан – жаңа экомәкан» сүрени тийкарында өткерилип атырған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў илажларына Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мийнет жәмәәти ҳәм студент-жасларынан ибарат үш мыңға шамалас адамлар белсене қатнаспақта.
Акция қатнасыўшылары пайтахтымыздың «Байтерек», «Гөне қала», «Шымбай гүзары», «Жасыл бағ», «Көк өзек», «Ата мәкан», «Аманлық гүзары», «Таслақ», «Телеорай», «Ақ жағыс», «Нәўпир», «Саманбай», «Анасай», «Қосбулақ», «Жеке терек», «Жуўазшы» сыяқлы мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында қоршаған орталықты шығынды ҳәм жабайы шөплерден тазалаў, жап-салмалардың бойларын, егислик жерлерди нәл егиўге таярлаў, тереклердиң түплерин ҳәклеў сыяқлы жумысларды алып бармақта.
Мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен акция қатнасыўшылары болған жаслар ушын үлкен қазанларда аўқатлар таярланып, аймақ турғынлары да экологиялық илажға өзлериниң үлеслерин қоспақта.
Акция ертең де даўам етеди.
Минажатдин Қутлымуратов,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.