Онда елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң студент-жасларының жазғы дем алыс ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды спорт, интеллектуаллық ойынлар ҳәм кеўилашар илажларға қамтып алыў мақсети нәзерде тутылған.
Әлбетте, буның ушын дем алыў орайында зәрүр болған барлық шараятлар жаратылған. Аўқатланыў, дем алыў ҳәм жуўыныў орынлары, спорт майданшалары, коньцерт ҳәм тамашалар сахнасы, китапқумар жаслар ушын арнаўлы платформалар жаслар хызметинде.
Сондай-ақ, дем алыў орайында ҳәр бир жоқары оқыў орны жәмәәти тәрепинен студентлер ушын әҳмийетли ушырасыўлар, шеберлик сабақлары, спорт жарыслары, театр ҳәм кино кешелери, түрли дөгереклер шөлкемлестирилмекте.
Минажатдин Қутлымуратов,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.









