Тараў пидайылары хошаметленди

    16 желтоқсан 2024 9

    Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде тараў хызметкерлерине «Өзбекстан Республикасы ветеринария пидайысы», «Шарўа пидайысы» көкирек белгилерин тапсырыў илажы болып өтти.

    Илажда тараў баcшылары, қәнигелер ҳәм мийманлар қатнасты.

    Илажда шығып сөйлеўшилер тараў пидайыларының машақатлы жумыслары ҳәр қашан дыққат-итибарда екенлиги ҳәм олардың маманлығын арттырыў ушын ҳүкиметимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилетуғынын атап өтти.

    «Ветеринария пидайысы» ҳәм «Шарўа пидайысы» көкирек белгисин алған хызметкерлер, өз гезегинде, бул сыйлықты өзлери ушын үлкен мақтаныш деп есаплайтуғынын ҳәм өз жумысларын және де нәтийжели алып барыўға умтылатуғынын атап өтти. Олар, сондай-ақ, тараўдың раўажланыўы ушын зәрүр барлық илажларды көриўди даўам еттириўге ҳәм жаңа мақсетлерге ерисиўге таяр екенин билдирди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.