Сөйлесиўлерде Ташкент қаласы ҳәкими аппаратының басшысы Йулдош
Исмоилов ҳәм Алматы қаласы ҳәкими аппаратының басшысы Ерлан Исабеков
басшылығындағы делегациялар қатнасты.
Ушырасыўда тәреплер абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм
ирригация инфраструктурасын раўажландырыў бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелерин
додалады. Қалаларды раўажландырыў, жасыл аймақларды кеңейтиў, нәллерди
тәрбиялаў, суўғарыў системаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша
әмелий көзқарасларға айрықша итибар қаратылды.
Қатнасыўшылар халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған
заманагөй, экологиялық турақлы ҳәм қолайлы қала орталығын қәлиплестириў
мәселелерин де көрип шықты.