Жарыслар халықаралық стандартларға жуўап беретуғын ҳәм жоқары дәрежедеги турнирлерди өткериў имканиятына ийе Олимпиада қалашасының велотрек комплексинде өткерилиўи режелестирилген.
Азия чемпионаты регион спортшылары ушын әҳмийетли стартлардан бири болыўы күтилмекте. Онда қатнасыўшылар тек ғана медаллар ушын гүресип қоймастан, ал 2028-жылғы жазғы Олимпиада ойынларына сайланыў ушын зәрүр рейтинг очколарын да топлаў имканиятына ийе болады.
Бундай жарыстың өткерилиўи Өзбекстанда велоспорттың раўажланыўы ушын әҳмийетли ўақыя болып, халықаралық жарыслар өткерилетуғын майдан сыпатында мәмлекетимизге итибар қаратыў имканиятын береди.