баннер
30 Mar 2025
05:49

    Татарстанда Қарақалпақ көркем өнери таныстырылады

    25 Noyabr 2024 732

    Россияның Қазан қаласында 25-30-ноябрь күнлери "Восточний базар в Казане" ("Қазанда шығыс базары") халықаралық фестивалы өткериледи.

    Қатнасыўшылар арасында Қарақалпақстаннан келген көркем өнер шеберлери, художниклер ҳәм туроператорлар да бар. Ертең "Пирамида" кеўилашар комплексинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери, сондай-ақ, "Айқулаш" Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли қатнасыўында "Дружба" ("Дослық") концерт бағдарламасы қойып бериледи.

    Фестивал шеңберинде қарақалпақстанлы художниклердиң көргизбелери көрсетиледи, Қазан мәмлекетлик мәденият университетинде драматург Т.Миннуллинниң "Четыре жениха одной девушки" ("Бир қыздың жети келини") спектакли қойып бериледи, деп хабар береди ӨзА.

    Қарақалпақстан ҳәм Татарстан бирге ислесиўин кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм "Азия ҳәм Шығыс халықларының мәдений байланыслары" халықаралық фестивалында қатнасыў ушын Татарстан менен ҳәр тәреплеме байланысларды беккемлеў мақсетинде туризм, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында рәсмий ушырасыўларда делегациямыз ағзаларының қатнасыўы режелестирилген.

    Татарстанда, сондай-ақ, Уллы Қарақалпақстан шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы белгиленеди. 30-ноябрьде болса "Айқулаш" ансамбли фестивальдың жабылыўына бағышланған гала-концертте қатнасады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech