Тегис жоллар- абаданлық тийкары

    28 мамыр 2025 189

    Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги, Транспорт қадағалаў инспекциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары бас басқармасы менен биргеликте усы жылдың өткен 4 айы даўамында исленген жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы ҳәм пресс-тур болып өтти.

    Әнжуманға Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри П.Қайыпбеков, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт қадағалаў инспекциясы баслығының орынбасары С.Турғунов ҳәм басқа да жуўапкер шөлкем ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

    Илажды Транспорт қадағалаў инспекциясының Мәлимлеме хызмети баслығы Ф. Хайриддинов басқарып барды.

    Онда Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт қадағалаў инспекциясы баслығының орынбасары С.Турғунов, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри П.Қайыпбеков ҳәм Транспорт қадағалаў инспекциясы Автомобиль ҳәм суў транспорты қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы А.Садирбековлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-декабрьдеги 668-санлы қарары тийкарында, инспекцияның бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм Республика аймағында жүк автомобильлериниң салмақ ҳәм габарит (көлем) параметрлерин қадағалаў ҳәм автомобиль тасыўлары тараўында ҳуқықбузарлықлар бойынша алып барылып атырған қадағалаў илажлары ҳаққында кең түрде айтып берди.

    – Қарақалпақстан Республикасында жәми 155 жолаўшы тасыўшы кәрханалар болып, оларда 234 автобус, 831 микроавтобус, 1214 жөнелисли такси (Дамас), 11 537 жөнелиссиз такси транспорт қуралларында халыққа хызмет көрсетип келмекте,-дейди Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт қадағалаў инспекциясы баслығының орынбасары С.Турғунов.-Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта республика аймағында жәми 5 автовокзал ҳәм 11 автостанция жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, аймақта автомобиль жолларында салмақ ҳәм габарит параметрлери қадағлаўы бойынша 5 заманагөй өлшеў қураллары менен үскенеленген стационар ҳәм көшпели шақапшалар болып, соннан 2 дана стационар тәрези, 3 көшпели тәрезилер орнатылған ҳалда қадағалаў илажларын алып барылмақта.

    Әнжуманда журналистлер тәрепинен илаж шөлкемлестириўшилерине бүгинги күнде кең жәмийетшиликти қызықтырған мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

    Соңынан әнжуман шөлкемлестириўшилери журналистлер ушын пресс-тур шөлкемлестирип, онда ғалаба хабар қуралларына бүгинги күни инспекция хызметкерлери тәрепинен тараўда алып барылып атырған жумыслар жөнинде кең түрде әмелий мағлыўматлар берилди.

    – Транспорт тараўында соңғы жыллары көплеген унамлы өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип атырған екен,-дейди Қарақалпақстан радиоканалы журналисти Зияда Тажимуратова.- Өткерилген илаждан өзим ушын көплеген жаңа мағлыўматлар алдым. Буның ушын шөлкемлестириўшилерге үлкен рахмет айтаман ҳәм алдағы ўақытлары да буннан жақсы жаңалықларды күтип қаламыз.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates