Усы жылдың 23-мартында республиканың батыс аймақларына ығал ҳәм салыстырмалы салқын ҳаўа массалары кирип келиўи басланды.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наўайы ўәлаятларында жаўын жаўды, айырым жерлерде күшли болды.
24-март күни Өзбекстанның барлық аймақларына ығал ҳаўа массалары тарқалды. Республика бойынша жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли болады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейеди. Ҳаўаның температурасы +12...+15 дәреже жыллы әтирапында болады.
Жумыс ҳәптесиниң ақырына шекем турақсыз ҳаўа-райы сақланып турады. Республика аймағы бойынша айырым жерлерде жаўын жаўыўы сақланып турады, тек ғана 26-28-март күнлери Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында жаўын жаўыў итималы аз.
Бул күнлерде температура әсте-ақырын төменлейди ҳәм түнлерде +4...+6 дәреже жыллы, күндиз +8...+13 дәреже жыллы болады.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын жаўады, қарға айланыўы мүмкин), 24-25-март күнлери айырым жерлерде күшли болады.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин.
24-25-март күнлери республиканың таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи бар.
Ташкентте: 24-мартта жаўын жаўады. Самал 3-8 м/с тезликте еседи, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы 15-20 градус жыллы болады.
25-мартта жаўын жаўады. Самал 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 6-8 градус жыллы, күндиз 12-14 градус жыллы.
26-27-март күнлери ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Самал 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 4-6 градус жыллы, күндиз 8-10 градус жыллыға шекем төменлейди.