Президент Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алып, минберге мирәт етти.

Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестрдиң атқарыўында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан гимнлери жаңлады.

Жетекшилер Ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түсиўден соң Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң сөйлесиўлери басланды.