Тоқымашылық кластериниң жаңа кәрханасы иске түсти

    Президент Шавкат Мирзиёев “WBM Romitex” кластериниң Әндижан қаласында қурылған жаңа кәрханасының жумысы менен танысты.

    “WBM Fabrics” атлы бул кәрхана қайта ислеў шынжырының гезектеги басқышы. Улыўма баҳасы 50 миллион долларлық инвестициялық жойбар шеңберинде заманагөй санаат объекти қурылып, Италия ҳәм Германиядан жоқары технологиялық үскенелер алып келинип орнатылды. Гезлемени бояў ҳәм гүл салыў жолға қойылды. Кәрхана жылына 24 мың тонна усындай өтимли өним таярлаў қуўатлылығына ийе. Жойбар шеңберинде 600 турақлы жумыс орны жаратылды.

    Және бир итибарлы тәрепи, комплексте Италиядан алып келинген заманагөй суў тазалаў имараты қурылған. Онда бояў цехынан шыққан техникалық суў тазаланып, қайта пайдаланыўға жибериледи. Бул үнемлилик ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

    Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, қәнигелер менен сөйлести. Өндирислик майданлардан нәтийжели пайдаланыў, энергияны үнемлеў арқалы өзине түсер баҳаны азайтыў, жумысшылардың кәсиплик маманлығын арттырыў мәселелери ҳаққында сөз етилди.

    Кәрхананың жумысы сыртқы базарға қәнигелескен, жыллық экспорт көлеми 55 миллион долларды қурайтуғынын атап өтиў керек.

    Әндижан ўәлаятында тоқымашылық санааты жедел раўажланбақта. Аймақта жетистирилген пахтаны заманагөй кластер системасында терең қайта ислеў кеңейип бармақта. Ўәлаяттың республика тоқымашылық санаатындағы үлеси 16,5 процент. 2024-жылы Әндижанда 20 триллион сумлық тоқымашылық өнимлери ислеп шығарылып, 488 миллион долларлық экспорт етилген. Бул ўәлаяттың улыўма экспортының 42 процентин қурайды.

    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates