Ташкент ўәлаятында 100 гектар майданда ири гольф комплекси қурылады.
Бул ҳаққында Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди. Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнлерде ўәлаят ҳәкими Зойир Мирзаев басшылығындағы делегация Малайзия мәмлекетинде болып тур. Олар бир қатар ири исбилермен топар ўәкиллери менен ушыраспақта.
«The Mines Resort and Golf Club» компаниясы менен болып өткен сөйлесиўлерде Ташкент ўәлаятында заманагөй гольф клубы ҳәм мийманхана комплексин қурыў жойбары бойынша келисимлерге ерисилди.
Бул ири жойбар ушын 100 гектар әтирапында қолайлы жер майданы ажыратылыўы, оны заманагөй талаплар тийкарында саўлатлы курорт зонасына айландырыў бағдарындағы усыныслар көрип шығылды. Жойбар ушын усыныс етилген аймақлар Бостанлық, Паркент ҳәм Аҳангаран районлары болып есапланады.
Сондай-ақ, делегация бүгин тәбийғый қумшекерди қайта ислеп оннан калориясыз гранулалар алыў жойбары бойынша «The Foodbase», вегетериан протеининен гөш ҳәм фаст фуд өнимлерин ислеп шығаратуғын «Righ food company» компаниясы ўәкиллери менен де сөйлесиўлер өткереди.