Ушырасыўда ўәкилхана жумысын нәтийжели жолға қойыў арқалы еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, аўыл хожалығы, өндирис, билимлендириў ҳәм металлургия санааты бағдарларында әмелий нәтийжелерге ерисиў мәселелери додаланды.
Россияның Пенза ўәлаяты санаат, өндирис ҳәм металлургия тараўлары раўажланған аймақлардан бири екени атап өтилди.
Усы бағдарларда бир қатар қоспа жойбарлар - мебель қурылысы тараўында жергиликли ислеп шығарыўшылар арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, темир жоллар ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе объектлер ушын шлагбаумлар ислеп шығарыў, жанылғы ҳәм арнаўлы суйықлықларды тасыўға мөлшерленген сыйымлы ыдыслар ислеп шығарыў мәселелери көрип шығылды.
Соның менен бирге, Пенза ўәлаятына аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлериниң экспорт көлемин арттырыў және IТ тараўында маман қәнигелер таярлаў бағдарында бирге ислесиў перспективалары белгилеп алынды.
Усы жылдың сентябрь айында Ташкент ўәлаяты студентлери Пенза мәмлекетлик технологиялар университетинде тәжирийбе арттырыўға жиберилиўи режелестирилген.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер ўәкилхана жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм анық бирге ислесиў басламаларын ислеп шығыў бойынша келисип алды. Владислав Жуков, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты делегациясын рәсмий сапар менен Пенза ўәлаятына мирәт етти.