Ташкентте Өзбекстан ҳәм Египет бирге ислесиўи шеңберинде бир қатар илажлар болып өтти

    Усы жылы 24-декабрьде Ташкентте Өзбекстан ҳәм Египет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў шеңберинде бир қатар илажлар болып өтти.

    Күн тәртибинен алдын еки мәмлекет делегациялары басшыларының - Өзбекстан тәрепинен Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов ҳәм Египет тәрепи Египеттиң режелестириў, экономикалық раўажланыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў министри Рания ал-Машаттың еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

    Ушырасыў даўамында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм қатнасықларды раўажландырыў перспективалары толық көрип шығылды. Өз-ара саўда көрсеткишлери, инвестицияларды тартыў ҳәм санаат кооперациясы бойынша мақсетли бағдарлар белгилеп алынды.

    Атап айтқанда, өткен жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстан ҳәм Египет арасындағы товар алмасыў көлеми еки есеге артқаны ҳәм бул унамлы тенденция быйыл да избе-из даўам етип атырғаны атап өтилди. Ийириў сабағы, нефть, химия ҳәм фармацевтика өнимлери, электротехника үскенелери, агросанаат өнимлерин жеткерип бериў ҳәм хызметлердиң көлеми дерлик еки есеге артқаны атап өтилди.

    Өзбекстанда Египет капиталының қатнасыўында 15 кәрхана жумыс алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта Египет компаниялары тәрепинен Өзбекстан аймақларында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, геологиялық-излеў жумыслары, ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм ақаба системаларын модернизациялаў бағдарларында жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Тәреплер бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп, саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы ҳәм Египет Араб Республикасы арасындағы Ҳүкиметлераралық комиссияның 7-мәжилиси шеңбериндеги жумысларды даўам еттирди.

    Мәжилисте тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм тармақ бирлеспелери басшыларының әмелдеги келисимлердиң орынланыўы бойынша есабатлары тыңланды. Жойбарлардың ҳәр бир басқышы ҳәр тәреплеме талланып, оларды табыслы әмелге асырыўды тезлестириў бойынша нәтийжели шешимлер ислеп шығылып, мүддетлери белгиленип, жуўапкер шахслар белгилеп алынды.

    Күн бағдарламасы еки мәмлекеттиң 150 ден аслам ири компанияларының басшыларының қатнасыўындағы бизнес-форум менен даўам етти. Атап айтқанда, Египет тәрепинен El Sewedy Electric, Hassan Allam Holding, ACDIMA, EPICO, Nile sugar, Badawy Group, Masriya machine, Ebtkarat Smart Systems, Solyphar, Al Farouk For Import & Export ҳәм басқа компаниялар қатнасты.

    Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов өзиниң кирис сөзинде исбилермен топарлар арасындағы өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм регионаллық базарлардың сыйымлылығы, транспорт-логистика имканиятларын терең таллаў тийкарында саўда көлемлерин кескин арттырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

    Бизнес-форум даўамында Өзбекстанның аймақлары ҳәм экономика тармақларының потенциалы таныстырылды, санлы технологиялар, билимлендириў, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында жоқары сап келтирилген қун көрсеткишлерине ийе болған анық инвестициялық басламалар ҳәм жойбар усынылды.

    Сондай-ақ, Өзбекстанда исбилерменлердиң қолайлы жумыс алып барыўы, ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ушын жаратылған шараятлар, мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм санаат потенциалының тийкарғы тәреплери ҳаққында сөз болды.

    Бағдарлама шеңберинде B2B ҳәм B2G форматларында ушырасыўлар шөлкемлестирилип, оларда исбилерменлер жаңа, пайдалы байланыслар орнатыў, өз-ара пайдалы жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларын биргеликте әмелге асырыў мәселелерин додалаў имканиятына ийе болды.

    Мәжилис жуўмағында Өзбекстан-Египет ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының 7-мәжилисиниң Протоколи ҳәм бир қатар еки тәреплеме келисимлерге қол қойылды. Олардың арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы техникалық бирге ислесиў, Самарқанд ўәлаяты ҳәм Александрия ўәлаяты арасындағы аймақлараралық бирге ислесиў, Египеттиң Әййемгилик естеликлер жоқары кеңеси ҳәм Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы арасындағы бирге ислесиў, Айн-Шамс университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў, фармацевтика санаатын раўажландырыў агентлиги ҳәм ACDIMA компаниясы арасында өз-ара түсинисиў меморандумлары орын алған, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates