Форум Қытайдың Инсан
ҳуқықларын раўажландырыў қоры (CFHRD) ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен
шөлкемлестирилди.
Форум "Жоқары сапалы
раўажланыў арқалы инсан ҳуқықлары тараўындағы раўажланыўды биргеликте алға
қойыў" темасына бағышланады. Онда Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан,
Түркменстан ҳәм Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы экспертлери,
мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери, илимий ҳәм исбилермен топарлар және ғалаба
хабар қуралларының ўәкиллери - жәми 100 миллий ҳәм сырт ел қатнасыўшылары
қатнасты.
Форум алдында атап өтилгениндей, ҳәр бир инсанның өз
ҳуқықларынан толық пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў пүткил инсанияттың улыўма
мақсети болып есапланады. Қытай ҳәм Орайлық Азияның бес мәмлекети раўажланып
атырған мәмлекетлер болып, раўажланыўға биргеликте жәрдемлесиў ҳәм инсан
ҳуқықларын алға қойыў мәселелеринде кеңнен уқсас көзқарасларға ийе.
Қытайдың Инсан ҳуқықларын раўажландырыў қорының
вице-президенти ҳәм бас хаткери Ли Хункуй, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан
Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов, Қытай Халық
Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй
Цзюнь, Орайлық Азия халықаралық институтының директоры Жавлон Ваҳобов,
"Орайлық Азия - Қытай" форматы секретариатының бас хаткериниң
орынбасары Самади Шохин, Қазақстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң
айрықша тапсырмалар бойынша елшиси Алуа Надиркулова өзлериниң кирис сөзлеринде
Форум жумысына табыслар тиледи.
Шығып сөйлегенлер, соның ишинде, "Қытай -
Орайлық Азия" инсан ҳуқықларын раўажландырыў бойынша төртинши форумы
БМШтың Раўажланыў ҳуқықы ҳаққындағы декларациясы қабыл етилгениниң 40 жыллығы
ҳәм Глобал раўажланыў басламасының 5 жыллығы белгиленип атырған 2026-жылы
өткерилип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе екенине итибар қаратты. Және де әҳмийетлиси,
Ташкент форумы әйне "Қытай - Орайлық Азия" бирге ислесиўи сапа
жағынан жоқары раўажланыў басқышына көтерилген әҳмийетли дәўирге туўра келгени
айрықша итибарға ылайық.
Форумның жалпы мәжилисинде инсан ҳуқықлары тараўында
Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара бирге ислесиўиниң тийкарғы
бағдарлары көрип шығылды. Тема бойынша алты мәмлекет жетекши экспертлериниң
баянатлары тыңланды.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Әдил судлаў
академиясының ректоры Шерзод Абдуқодиров, Қытай Социаллық илимлер академиясы
Халықаралық ҳуқық институтының директоры Лю Хуавэнь, Қазақстан Республикасы
Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайы пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар бөлиминиң
баслығы Виктор Тихонов, Қырғызстан Республикасы Омбудсман (Акиятчи)
институтының жабық мәкемелерге профилактикалық сапарлар өткериў бөлиминиң
баслығы Эмилбек Ажибеков, Өзбекстан Илимлер академиясы Мәмлекетлик ҳәм ҳуқық
институтының директоры Муроджон Турғунов, Пекин политехника университети
гуманитар ҳәм социаллық илимлер бойынша илимий кеңесиниң баслығы, Қытай илим
ҳәм технологиялар тараўында инсан ҳуқықлары изертлеўлер орайының директоры Ци
Яньпин, Тәжикстан Республикасы Президенти Атқарыў аппараты Инсан ҳуқықлары
кепилликлери басқармасының бас қәнигеси Парвиз Олимзода, Түркменстан Мәмлекет,
ҳуқық ҳәм демократия институтының үлкен илимий хызметкери Довлат Аманмирадов,
Ухань университети юридика факультетиниң деканы, Қытай экологиялық ҳуқық
илимий-изертлеў институтының директоры Цинь Тяньбао шығып сөйледи.
Буннан соң додалаўлар үш панель сессиясында даўам
еттирилди. Онда раўажланыў ҳуқықын жүзеге шығарыў мақсетинде кәмбағаллықты
қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын жақсылаў бойынша жойбарларды әмелге асырыў, экологияны
қорғаў, жасыл раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў, инсан ҳуқықларының
раўажланыўына жәрдемлесетуғын санлы интеллектуаллық технологияларды алға қойыў
сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Қатнасыўшылар
Форум темасы бойынша ҳәр тәреплеме пикирлесип, инсан ҳуқықларын нәтийжели
қорғаўдың тийкарғы факторлары сыпатында халықтың абаданлығын арттырыў, санлы
басқарыўды беккемлеў ҳәм "жасыл" раўажланыўды жеделлестириў сыяқлы
бағдарларға ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Усы тараўлардағы алдыңғы идея ҳәм әмелий
тәжирийбелер менен бөлисти.
Додалаўлар
жуўмағында "Қытай - Орайлық Азия" инсан ҳуқықларын раўажландырыў
форумының "Ташкент басламасы" деп аталған жуўмақлаўшы ҳүжжети ислеп
шығылды ҳәм презентациясы өткерилди.
Форум
шеңберинде Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм
Қытайдың Инсан ҳуқықларын раўажландырыў қоры арасында өз-ара түсинисиў
меморандумы тастыйықланды. Меморандумға еки шөлкем басшылары Акмал Саидов ҳәм
Ли Хункуй қол қойды.
Инсан ҳуқықлары
бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайы
баспасөз хызмети.