Бул ҳаққында The Washington Post газетасы илажда қатнасқанларға сүйенип хабар бермекте, деп жазбақта Report.

Кеше ғалаба хабар қураллары ушын жабық, 200 ге шамалас қатнасыўшыға еки мийманнан алып келиўге рухсат берилген ҳәм олардың барлығы январь айының соңғы шемби күни Capital Hilton мийманханасында жыйналады, деп атап өтеди WP.

Соның менен бирге, басылымның атап өтиўинше, Америка жетекшиси бул сөзлерди "ҳазил усылында" айтқан.

"Биз Гренландияға бастырып кириў нийетинде емеспиз. Бизлер оны сатып алмақшымыз, деди. Мен ҳеш ўақытта Гренландияны 51-штатқа айландырыў нийетинде болмағанман. Мен Канаданы 51-штатқа айландырмақшыман. Гренландия 52-орында, Венесуэла болса 53-орында болыўы мүмкин".