Халықтың ҳәм экономиканың өсип баратырған талабынан келип шығып, транспорт тармағы избе-из раўажландырылып барылмақта. Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарына муўапық, жол хожалығы тараўы жетилистирилди, жол қурыў, оңлаў ҳәм олардан пайдаланыў көлеми артты.
Бул қарарда заманагөй автомобиль жолларын шөлкемлестириў перспективалары да белгиленген еди. Соның ишинде, өткен ўақытта Жәҳән банкиниң қатнасыўында "Ташкент - Әндижан" альтернатив жолы жойбарластырылды. Улыўма узынлығы 314 километр болған бул тезжүрер магистрал пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде Ташкенттен Әндижанға жетип барыў ўақты 5 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Сондай-ақ, бул жалпы ишки өнимди 2,6 процентке арттырып, автоаварияларды 40 процентке азайтыўы мүмкин.
Жақында бул жойбар бойынша халықаралық тендер жәрияланды. Қысқа ўақыт ишинде оған көплеген абырайлы сырт ел компаниялары қызығыўшылық билдирди.
Мәжилисте бул жойбар бойынша усыныслар көрип шығылды. Транспорт министрлигине жүклемеси көп басқа жолларда да альтернатив магистраллар қурыў, жолларда қолайлық ҳәм қәўипсизликти күшейтиў, түрли төлемли хызметлерди шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысына Бирлескен Араб Әмирликлериниң “AD Ports Group” компаниясы менен биргеликте Наўайы ўәлаятында "қурғақ порт" шөлкемлестириў жойбары ҳаққында да мәлимлеме берилди.