Ташкент - Самарқанд жөнелиси бойлап жаңа заманагөй автомобиль жолын қурыў жойбары көрип шығылды. Режеге бола, бул жолдың улыўма узынлығы 282 километр болады. 140 километрлик айырым участкаларда топырақты беккемлеў жумыслары әмелге асырылады. Жойбар шеңберинде 12 кесилиспе, 91 көпир ҳәм 16 жол өткелин қурыў нәзерде тутылған.
Бес жыл даўамында қурып питкерилиўи режелестирилген жол Ia категориялы магистраль болады, яғный автомобиль жолларына қойылатуғын ең жоқары техникалық нормалар ҳәм қәўипсизлик стандартларына сәйкес келеди. Ҳәр бириниң ени 3,75 метр болған цемент-бетон қапламалы 6 жол бөлеги шөлкемлестириледи. Жойбардың тезлиги саатына 150 километр болады.
Сондай-ақ, Ташкент - Ангрен - Қамчиқ өткели жөнелиси бойынша 171 километр альтернатив автомобиль жолын қурыў жойбары әмелге асырылады. 33 километр туннель ҳәм бир қатар ири инженерлик объектлерин қурыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысына қаржыландырыў дәреклери ҳәм сырт ел инвесторларын тартыў бойынша сөйлесиўлердиң барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Автомобиль жолларын жойбарластырыўда заманагөй транспорт инженерлиги шешимлеринен пайдаланыў, ақыллы басқарыў ҳәм мониторинг системаларын енгизиў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Презентацияда Ташкент-Чорвоқ ҳәм Үргенш-Хийўа жолларын қурыў жойбарларының орынланыўы ҳаққында да мәлимлеме берилди.
Сондай-ақ, жаңа Ташкент халықаралық аэропортын қурыў жойбарының тийкарғы параметрлери көрип шығылды. Биринши басқышта 208,4 мың квадрат метрлик жолаўшы терминалын, ҳәр бири 4 километрден еки ушыў-қоныў жолын қурыў режелестирилген. Жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе инфраструктура жаратыў, бир саатта 30 пәрўаз ҳәм қоныўды тәмийинлеў, 169 самолёт ушын турыў орнын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Болажақ аэропорт аймағында әмелге асырылып атырған жойбарлаў-излеў жумыслары ҳәм жойбарды әмелге асырыўдың кейинги басқышлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Президентимиз жуўапкерлерге жойбарларды техникалық-экономикалық жақтан пуқта ислеп шығыў, қурылыс жумысларын заманагөй стандартлар тийкарында шөлкемлестириў ҳәм транспорт инфраструктурасынан узақ мүддетли турақлы пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.