баннер
9 Mar 2025
20:26

    Травматология ҳәм ортопедия орайында робот хирургиясы енгизиледи

    27 Yanvar 2025 799

    Республикалық қәнигелестирилген травматология ҳәм ортопедия илимий-әмелий медицина орайында 2025-жылы бул бағдарда бир қатар жаңалықлар енгизилиўи күтилмекте.

    - Мәкемемизде "робот хирургиясы"н жолға қойыў, атап айтқанда, бул әмелиятты дизе буўынлары кеселликлерин емлеў процесинде қолланыўды режелестиргенбиз, - дейди орай директоры Мурод Ирисметов. - Бул жаңалықтың абзаллықлары көп. Мысалы, операция жүдә жоқары анықлықта орынланады. Процесс қәўипсизлиги тәмийинленеди. Шыпакерге инсан денесиниң ең қурамалы бөлимлери және кеселликтиң ең аўыр дәрежелеринде де еркин ислеў имканиятын береди.

    Нәтийжеде арнаўлы бағдарлама жәрдеминде қурамалы операциялар ўақтында жүзеге келиўи мүмкин болған хирургиялық қәтелердиң алды алынады.

    Алдынғы диагностика ҳәм емлеў усылларын басқышпа-басқыш районларда да енгизиўге кирискенбиз. Соның ишинде, усы жыл даўамында районлық (қалалық) емлеўханаларда 2 жаңа диагностика ҳәм 8 емлеў усылы әмелиятқа енгизиледи.

    Соның ишинде, елимиздиң 48 районы ҳәм 10 қаласында сан сүйеги дистал ақыры сынықларын ретроград БИОС ислеў, жамбас-бел ҳәм дизе буўынларын толық эндопротезлеў, сан сүйеги проксимал ақыры сынықларын жаңа моделдеги БИОС INTERTAN менен остеосинтезлеў, пут тәризли байланыслар жарақатының артроскопиялық аутопластикасы, PRP терапия, АО пластиналары менен остеосинтезлеў усыллары өзлестириледи.

    Нәтийжеде наўқаслардың артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсап, сырт мәмлекетлер ямаса пайтахтымыз ҳәм ўәлаятлардың орайларына алыс районлардан қатнаўы 10 процентке азаяды.

    Буннан тысқары, тиккелей орайдың маман қәнигелери тәрепинен аймақларда 6 мыңға шамалас медициналық тексериўлер, 300 ден аслам жоқары технологиялық операциялар өткериледи.

    Бухара, Самарқанд, Ферғана, Ташкент ҳәм Наўайы ўәлаятларында көшпели цикллер шөлкемлестирилип, жергиликли қәнигелерди оқытыў арқалы нәрестелерде шығанақ-сан буўыны дисплазиясын УТТ жәрдеминде диагностикалаў усылы жолға қойылады.

    Өз гезегинде, Қытай, Россия, Германия, АҚШ, Қубла Корея, Түркия, Беларус, Ҳиндстан сыяқлы бир қатар раўажланған мәмлекетлерден маман қәнигелердиң елимизге сапары әмелге асырылып, олардың қатнасыўында орынларда шеберлик сабақлары, медициналық тексериўлер ҳәм биргеликтеги операциялар өткеремиз.

    Сондай-ақ, медициналық туризмди раўажландырыў - 2025-жылы алдымызға қойған тийкарғы мақсетлеримизден бири. Бул арқалы орайға тартылатуғын сырт елли наўқаслардың саны, медициналық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм сапасы және де артыўы, сөзсиз.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech