Түрк инвестициясы қатнасыўындағы кәрханалардың саны қанша?

    4 желтоқсан 2024 17

    Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып бармақта. Бул процессте еки мәмлекет исбилерменлери арасындағы қатнасықлар ҳәм өз-ара жойбарлар стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Соның ишинде, бирге ислесиўдеги экономикалық жойбарларды жетилистириў ҳәм оларды және де нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде турақлы ушырасыўлар шөлкемлестирилиўи бул бағдардағы ис-ҳәрекетлерди жаңа басқышқа алып шықпақта.

    Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Түркиянық Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликте өткерилген дөгерек сәўбети усындай бирге ислесиўдиң логикалық даўамы болды.

    Еки тәреп ўәкиллери, жетекши инвесторлар қатнасқан бул илажда исбилерменлер арасында биргеликтеги жойбарларды раўажландырыў, машқалаларды додалаў ҳәм олардың шешимлерин табыў мәселелери көрип шығылды. Сондай-ақ, түрк инвестициясы қатнасыўындағы биргеликтеги кәрханалар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, бизнес тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм инфраструктура ҳәм санаат тараўларындағы жаңа жойбарлары әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

    Мағлыўматларға болса, соңғы бес жыл ишинде мәмлекетимизде түрк инвестициясы қатнасыўында шөлкемлестирилген биргеликтеги кәрханалардың саны үш есеге артып, 1903 ке жеткен. Тек ғана 2023-жылы 1,2 миллиард долларлық инвестиция өзлестирилген болып, усы жылдың басынан бери 300 ден артық жаңа түрк компаниясы шөлкемлестирилген.

    Илаж даўамында инфраструктура жойбарларын раўажлындырыў, салық жеңилликлери ҳәм пул өткермелери процесслерин жетилистириў, транспорт ҳәм санаат тараўларында биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў сыяқлы бағдарларда додалаўлар өткерилди.

    Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер машқалаларды системалы таллаў ҳәм нәтийжели шешимлерди ислеп шығыў бойынша келисимге еристи. Аналитиклер атап өткениндей, еки тәреплеме бирге ислесиўден мәпдар тәреплер ушын бул байланыс үлкен әҳмийетке ийе болып, жаңа перспективаларды белгилеп берди.

    ӨзА.