Усы қарарға тийкарланып Төрткүл районындағы «Шадлық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңа мектеп имараты ҳәм спорт залы қурылды. 792 орынға мөлшерленген бул билимлендириў дәргайының қурылысы ушын мәмлекетлик бюджеттен 18,2 миллиард сум қаржы ажыратылды.
Бүгинги күнде заман талапларына жуўап беретуғын мектеп қурылысы толық жуўмақланып, объектти пайдаланыўға тапсырыў жумыслары жуўмақланыў басқышында тур. Жаңа мектеп имараты тек ғана оқыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў емес, ал денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға да хызмет етеди.
Бул жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде райондағы билимлендириў инфраструктурасы және де беккемленеди, оқыўшы ҳәм муғаллимлер ушын заманагөй билимлендириў орталығы қәлиплестириледи. Соның менен бирге, жаңа жумыс орынлары жаратылып, жергиликли халықтың бәнтлигине де унамлы тәсир көрсетиўи күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.









