Жойбар Өзбекстан Республикасы Туризм комитети ҳәм Өзбекстанның Германиядағы елшиханасы менен биргеликте әмелге асырылды.
Қысқа метражлы роликлер бир ҳәпте даўамында эфирге узатылды: Берлинде - 9 экранда күнине 360-720 рет, Дюссельдорфта - 10 экранда, Мюнхен ҳәм Штутгартта - бир экранда еки күн даўамында күнине 360 рет көрсетилди.
Германия Өзбекстан ушын Европаның жетекши туристлик базарларынан бири болып қалмақта, туроператорлардың елимизге қызығыўшылығы жылдан-жылға артып бармақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул акция тек ғана жергиликли халық емес, ал ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген мийманларды да өзине тартпақта, олардың көпшилиги келеси жылы саяхатқа шығыўды режелестирмекте.
Жаңа жыл алдынан видеороликлер сырт елли туристлерди келешекте саяхат етиў ушын Өзбекстанды таңлаўға шақырыўы күтилмекте.