баннер
31 Mar 2025
17:02

    Туризм комитети ҳәм Вестминстер университети арасында өз-ара түсинисиў Меморандумына қол қойылды

    Туризм комитети баслығының орынбасары С.Ниязов ҳәм Ташкент қаласындағы Халықаралық Вестминстер университети (ТХВУ) ректоры К.Каримов, ТХВУ студентлери ҳәм питкериўшилери ушын жаңа билимлендириў ҳәм кәсиплик имканиятлар жаратыўға және Өзбекстан туризм тараўының турақлы раўажланыўына жәрдемлесиўге қаратылған өз-ара түсинисиў Меморандумына қол қойды.

    Келисим тәжирийбе алмасыў, Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў ҳәм жас қәнигелердиң инновациялық идеяларын раўажландырыў мақсетинде дүзилди. Бирге ислесиўдиң тийкарғы тәрепи маман кадрлар таярлаў болып есапланады - ТХВУ студентлери ҳәм питкериўшилери Комитет ҳәм оның аймақлық бөлимлеринде әмелият бағдарламаларында қатнасыў, әмелий тәжирийбе арттырыў ҳәм тараўды раўажландырыўға үлес қосыў имканиятына ийе болады.

    Бирге ислесиў шеңберинде туризм тараўындағы қәнигелер менен лекциялар, семинарлар, шеберлик сабақлары ҳәм тренинглер шөлкемлестирилип, билим алмасыў процеси жолға қойылады, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech