баннер
24 Apr 2025
15:24

    Ташкент қаласының Яшнабад районында океанариум қурылады

    Президент Шавкат Мирзиёев 14-апрель күни туризм ҳәм қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.

    Усы жыл 9-апрельде болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы елимиздиң бай тарийхы ҳәм мәденияты, әжайып тәбиятынан пайдаланып, туристлерди ҳәзиргиден 2-3 есеге көбейтиў мүмкин екенлигин атап өткен еди.

    Усындай сулыў орынлардан бири Бостанлықтағы "Чорвоқ дарвозаси" комплекси. Президентимиз өткен жылы декабрьде оның қурылысын барып көрген еди, жақында жойбардың биринши басқышы ашылды. Комплексте 16 көп қабатлы турақ жай, 3 мийманхана, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары, кафе ҳәм ресторанлар, банк офиси, автомобиль туратуғын орын болады. Имаратлардың төбесине қуяш панельлери орнатылады.

    Презентацияда комплекстиң кейинги басқышларын қурыў, туристлер ушын тартымлылығын арттырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Оны арзан ҳәм экологиялық таза энергия менен тәмийинлеў ушын Шыршық дәрьясында киши гидроэлектр станциясын қурыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

    Және бир жойбар Ташкент қаласының Яшнабад районында океанариум қурыўға қаратылған. Шыршық дәрьясы бойында 20 гектарға мөлшерленген бул океанариум туристлерди тартатуғын және бир орын болады. Қапталында саўда-мийманхана комплекси де қурылып, оларда жәми 1 мың 600 жумыс орны ашылады.

    Сондай-ақ, Яккасарай районында турақ жай ҳәм исбилерменлик орнын қурыў мөлшерленген. Онда көп қабатлы турақ жайлар, бақша ҳәм мектеплер, спорт ҳәм саламатландырыў орынлары, мийманхана ҳәм саўда офислери болыўы нәзерде тутылған.

    Президентимиз жойбарлардың ҳуқықый, финанслық тәреплери ҳәм инфраструктура мәселелерин ҳәр тәреплеме ойлап, илажлар режесин ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти. Жуўапкерлерге сапа ҳәм мүддетти анық белгилеп, орынланыўын қадағалаў тапсырылды.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech