Турмысқа абаданлық, ислеўге жаңа имканиятлар жаратылмақта

    Әмиўдәрья районында мийнеткешлиги ҳәм исенимлилиги менен тек ғана шаңарағын емес, ал басқаларды да жумыс пенен тәмийинлеп, сүйениш болып атырған исбилермен ҳаял-қызлардың қатары кеңеймекте

    Солардан бири - Дилдора Ҳайитбаева исбилерменлик жумысын 2008-жылы анасы менен бирге күнине 100 нан ҳәм пәтир жабыўдан баслаған. Ўақыттың өтиўи менен киши исбилерменлик кең көлемде өним ислеп шығаратуғын кәрхананың ашылыўына себеп болды. Бүгин нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен "Равшанбек - Юлдузхон" ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыўға мөлшерленген "Камрон Голд Медиа" кәрханаларында онлаған адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

    Мәмлекетимиз басшысының "Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында ажыратылған 200 мың АҚШ доллары муғдарындағы жеңиллетилген кредит есабынан исбилермен ҳаял Қытайдан заманагөй станок ҳәм үскенелер алып келди. Бул болса кәрхананың техникалық қуўатлылығын арттырып, өнимлердиң түрин көбейтиў ҳәм сапасын арттырыў имканиятын берди.

    Бүгин кәрханада он түрден аслам сапалы сүт өнимлери ислеп шығарылмақта. Ҳәр күни 600 литрден аслам сүт қайта исленеди. Итибарлы тәрепи сонда, ислеп шығарылып атырған өнимлер биринши гезекте райондағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине шәртнама тийкарында жеткерип бериледи.

    - Келешекте Әмиўдәрья районындағы ҳәр бир мәҳәлледе сүт өнимлери, нан ҳәм ун өнимлерин жеткерип бериў ҳәм сатыў бойынша сапалы хызмет көрсететуғын шақапшалар ашпақшымыз. Бул бир тәрептен халыққа қолайлық болса, екинши тәрептен жаңа жумыс орынларының ашылыўына хызмет етеди, - дейди исбилермен ҳаял. - Соның менен бирге, аналар ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў, әсиресе, йод жетиспеўшилигиниң алдын алыў мақсетинде йодланған функционал ун өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойдық. Бул да айтыўға арзыйтуғын жетискенликлеримизден.

    Бүгин Дилдора Ҳайитбаева сыяқлы мийнеткеш, пидайы исбилерменлер себепли Қарақалпақстан экономикасы ҳәм социаллық турмысындағы унамлы өзгерислер жеделлеспекте. Олар жәмийеттиң ҳәр бир қатламына, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың турмысына жаңа бағдар, жаңа имканият алып кирип атыр.

    Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-марттағы "Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарында социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр, жумыссыз ҳәм социаллық белсенди болмаған ҳаял-қызлар менен "Ҳаял-қызлар дәптери"н жүргизиў арқалы ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў, оларды социаллық-ҳуқықый, психологиялық, медициналық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленген.

    Қарарға бола, "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген ҳәр бир ҳаял-қыз бенен системалы ислесиў, қызығыўшылық ҳәм умтылысларын хошаметлеў арқалы социаллық белсендилигин арттырыў аймақлардағы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлериниң ўазыйпасына айланған. Бул бағдарда Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң "Экономикалық ғәрезсизликтен социаллық абаданлыққа қарай" басламасы шеңберинде бир қатар әмелий илажлар көрилмекте.

    Бул баслама шеңберинде Әмиўдәрья районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған мәнзилли жумыслар себепли көплеген ҳаял-қызлар турмыста өз орнын таўып, тек ғана өзиниң емес, ал қыйын жағдайға түсип қалған, социаллық қорғаўға мүтәж мәҳәллелеслериниң де турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўына жәрдем бермекте.

    Мине, усындай ҳаял-қызлардан бири Холимбег аўылында жасап атырған Насиба Сабирова. Ол 2021-жылы "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген еди. Өзиндеги исеним, билим ҳәм имканиятларға сүйенген ҳалда районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң қоллап-қуўатлаўы менен 10 миллион сум жеңиллетилген кредит есабынан исбилерменлик жумысын жолға қойды. Дурыс, дәслебинде бираз қыйланды. Исбилерменликти баслаў ушын арнаўлы орын ажыратыў ҳәм үскенелеў сыяқлы бир қарағанда әпиўайы болып көринген процесслер де тегис өтпеди. Заманагөй тигиў машинасын алып келип орнатқаннан соң, иси жүрисип кетти. Ҳәзирги ўақытта ол исбилерменлик жумысын кеңейтип, шаңарақлық кәрхана шөлкемлестирди ҳәм турақлы дәрамат дәрегине ийе болды.

    - 2025-жылдың басында "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген едим. Бул дизимнен шығыў ҳәм еркин исбилерменлик жумысын жолға қойыў ушын 10 миллион сумлық жеңиллетилген кредит есабынан тигиў машинасын сатып алдым, - дейди райондағы Тасжап аўылында жасаўшы Шаҳодат Юсупова. - Сөйтип, тигиўшиликти баслап жибердим. Ҳәзир аўылласларымның буйыртпасы тийкарында ислеп, еркин пул таўып атырман.

    Әмиўдәрьялы Феруза Тәжибаева болса 33 миллион сум жеңиллетилген кредит алып, шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумысын жолға қойыў арқалы бир неше мәҳәллелесиниң турақлы бәнтлигин тәмийинледи.

    Район ҳаял-қызлары ушын фермерлик те жат емес. Атап айтқанда, мийўе ҳәм жүзим жетистириўге қәнигелескен фермер хожалықлары көп. Соның ишинде, Чайкөл аўылындағы "Аму әнарлары" кәрханасы үлги болып келмекте. Кәрхана пайда болған 8 гектар бағда әнардың жергиликли ықлым шараятына сай сортлары жаратылмақта. Сондай-ақ, әнар нәллери Қарақалпақстанның өзгериўшең ҳаўа-райына бейимлестирилмекте.

    Бул бағда жетистирилип атырған әнар өними район халқының талабын тәмийинлеўден тысқары, қоңсы аймақлар базарына да жеткерип берилмекте.

    "Манғыт әўмет саўда" кәрханасына қараслы 12 гектар майданда жаратылған жүзимзарда бағманлар зүрәәтли сортларды жетистирип атырған болса, "Әмиў толқын балығы" кәрханасының 10 гектар алмазары ҳәм 6 гектар ерикзарынан мол өним алынып атыр. Мийўени кептирип, қысқа сақлаў, халықтың талабынан артығын ишки базарға бағдарлаў ҳәм экспорт етиўге таярлық көрилген. Соның менен бирге, бул кәрханада балықшылық та жолға қойылған.

    Ҳәзир Әмиўдәрья районында бағшылық ҳәм жүзимгершилик бойынша 61 аўыл хожалығы кәрханасы жумыс алып бармақта. Олардың улыўма жер майданы 1046 гектар. Соннан 641 гектары зүрәәтли, 405 гектары болса жаңадан қурылған бағлар.

    Быйыл бәҳәр мәўсиминде фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 76 гектар майданда интенсив бағ жаратылды. Районда бағшылық бағдарына қызығыўшы белсенди жаслар көбейип, жумыссызларды бәнтликке тартыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates