Қарарға бола, 2026-жылдың ақырына шекем Туризм комитети тәрепинен "Умра плюс" зыярат туризми бағдарламасы шеңберинде Малайзия ҳәм Индонезиядан туристлерди тартқан туроператорларға ҳәр бир турист ушын 100 АҚШ доллары муғдарында субсидия ажыратылады.
2026-жыл 15-январьдан баслап:
Малайзия ҳәм Индонезияда Бағдарлама бойынша күшейтилген үгит-нәсиятлаў кампаниясы өткериледи;
Туроператорлар (турагентлер) тәрепинен Бирден-бир миллий туризм платформасы арқалы Бағдарлама тийкарында қәлиплестирилген туризм бағдарламасының онлайн сатылыўы жолға қойылады.
Бағдарламаны әмелге асырыў ушын маман кадрлар таярлаў мақсетинде Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясында оқыў-әмелий лаборатория шөлкемлестириледи.
Өзбекстан халықаралық ислам илимлери академиясы ҳәм Малайзия жоқары оқыў орынлары арасында "Туризм ҳәм миймандослық" тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша қоспа билимлендириў бағдарламалары жолға қойылмақта.