Тәжирийбеде қартайыў механизмлерин үйрениўде көп қолланылатуғын “Caenorhabditis elegans” нематодаларынан модель организм сыпатында пайдаланылды. Изертлеў даўамында гешир клетчаткасынан ажыратып алынған полифеноллар қуртлардың жасаў орталығына қосылды.

Нәтийжелер тәжирийбеде қатнасыўшылардың орташа өмир сүриў даўамлылығы 25,6% ке артқанын көрсетти.

Буннан тысқары, нематодаларда ҳәрекет активлигиниң артыўы, клетка қартайыўы менен байланыслы липофусцин пигменти топланыўының кемейиўи, май запасының кемейиўи бақланған. Биохимиялық анализ полифеноллардың стресс реакцияларын ҳәм узақ жасаў процеслерин басқарыўшы сигнал жолларына тәсирин көрсетти.

Изертлеў авторларының атап өтиўинше, гәп улыўма азық-аўқат сыпатындағы гешир ҳаққында емес, ал бурын аз итибар қаратылған клетчатка менен байланыслы полифеноллар ҳаққында бармақта. Олардың пикиринше, бул затлар саламат қартайыўды үйрениўде перспективалы бағдар болыўы мүмкин.

Жумыс нәтийжелери “Food & Function” журналында жәрияланған.