Синовлар адамлар үстинде өткериледи, деп хабар береди Nikkei газетасы.

Атап өтилиўинше, препарат приматларда сынақтан өткерилгенде толық қорғалыўды көрсетти. Келеси жылы илимпазлар Бангладеш Республикасында үлкенлер ҳәм балалар қатнасыўындағы изертлеўлерди кеңейтиўди режелестирмекте.

Оған шекем Нипах вирусы адамға ҳайўанлардан, мәселен, жарғанат ҳәм шошқадан жуғыўы мүмкин екенлиги мәлим болған еди. Ол дем алыў системасын жарақатлайды, энцефалит раўажланыўын шақырады, өз ўақтында көрсетилмеген жағдайда 75% жағдайларда өлим менен тамамланады. Кеселликтиң биринши белгилери инфекция жуққаннан соң 4-7 күннен кейин пайда болады. Кеселлик дем алыў ҳәм орайлық нерв системасын жарақатлайды, мий исинип, көбинесе өлимге себеп болады.

Январь айында Ҳиндстанның Калькутта қаласы жанында Нипах вирусының тарқалыўы анықланған еди. Ҳәзирги ўақытқа шекем бес адам вирус пенен кеселленген, жүзге шамалас адам карантинге алынған, деп жазбақта gazeta.ru.